Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-июль күни «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық байланыслылық. қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» атамасындағы халықаралық конференцияда қатнасыў ушын елимизге келген Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғани менен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиўлерде регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўдиң перспективалары көрип шығылды.
Еки мәмлекет жетекшилери аўған машқаласын әскерий жол менен шешиўдиң имканияты жоқ екенлигин және бир мәрте атап өтип, инклюзив аўғанлараралық сөйлесиўлер тез ўақыт ишинде қайта тиклениўиниң тәрепдары екенликлерин атап өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Аўғанстанда турақлы тынышлыққа ерисилиўине белсене жәрдемлесиўге таяр екенлигин тастыйықлады.
Тәреплер еки тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң избе-из раўажланып баратырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Пандемияға қарамастан, усы жылдың бес айының жуўмақлары бойынша өз-ара товар алмасыў көлеми 50 процентке артты. Өзбекстанда Аўғанстан инвестициясының қатнасыўында 160 жаңа кәрхана шөлкемлестирилди.
Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы байланыслылықты беккемлеў менен бирге, Аўғанстанның транзит потенциалын кеңейтиўге қаратылған биргеликтеги транспорт ҳәм энергетика интфраструктурасы жойбарларын, соның ишинде, «Сурхон-Пули-Хумри» электр жеткерип бериў линиясын қурыў жойбарларын және де алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Президентлер еки тәреплеме ҳәм регионаллық бирге ислесиўди және де раўажландырыў, ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша исенимли екенликлерин атап өтти.
ӨзА