Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-июль күни мәмлекетимизде рәсмий сапар менен болып турған Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң ағзасы, сыртқы ислер министри  Ван Иди қабыл етти.

Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Министр Ван И мәмлекетимиз басшысына ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди. Өзбекстанның Орайлық ҳәм Қубла Азия байланыслылығын раўажландырыў бағдарындағы басламасы жоқары баҳаланды ҳәм қоллап-қуўатланды, Ташкент қаласында өткерилетуғын конференция табыслы болатуғынына исеним билдирди.

Ушырасыўда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, соның ишинде, саўда-экономикалық, инвестициялық, финанслық-техникалық, мәдений-гуманитарлық тараўлар ҳәм көп қырлы бирге ислесиўдиң басқа бағдарларында қоспа бағдарлама менен жойбарларды алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Пандемияға қарсы гүресиўде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Халықаралық күн тәртиби, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдай бойынша пикир алысылды.

 

ӨзА