ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, усы жылдың 15-июль саат 10:00 жағдайында Қарақалпақстан Республикасы бойынша коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслардың саны 1063 адамды қурайды.

Соннан:

100 пуқара – Арқа-батыс әскерий горнизоны аймағында жайласқан Нөкис арнаўлы медициналық комплексинде стационар шараятта емленип атыр.

Соннан:

13 наўқастың аўҳалы аўыр;

2 наўқас жүдә аўыр аўҳалда;

1 наўқас қайтыс болған.

Қалған 87 наўқастың аўҳалы орташа. Барлық наўқаслардың жағдайы турақлы. Наўқаслар дәри-дәрмақ ҳәм 5 мезгил аўқат пенен тәмийинленген.

 

Емлеўхана ашылғаннан баслап, бүгинги күнге шекем 112 наўқас саўалып, үйлерине рухсат берилген.

963 пуқара – коронавирустың жеңил симптомлары менен үй шараятында аймақлық поликлиникалар қадағалаўы астында емленбекте.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, бүгин таңғы саат 04:00 де Нөкис арнаўлы медициналық комплексинде коронавирустан емленип атырған ҳәмиледар ҳаял аман-есен өз перзентин дүньяға келтирди. Шыпакерлер ана ҳәм баланың денсаўлығы жақсы екенлигин айтпақта, жаңа туўылған нәрестениң бойы 51 сантиметр, салмағы 3,5 килограммды қурайды. Ҳәзир олар тәжирийбели шыпакерлер қадағалаўы астында.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.