Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектеби тәрбияланыўшыларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, интелектуаллық дөретиўшилик қәбилетин жетилистириў ҳәм тил үйрениўге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде «Инглис тилин үйрениў методикасы» атамасында семинар-тренинг өткерилди.
Семинарға мектеп оқыўшылары, олардың устазлары қатнасты.
Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Шет тиллери» факультетиниң деканы Жават Қурбанбаев шығып сөйлеп, елимизде шет тиллерин үйрениўге қаратылып атырған итибар, тил үйрениўдиң абзаллықлары ҳәм зәрүрли тәреплерин презентация арқалы көрсетип өтти.
-Бүгинги семинарда Уллы Британия ҳәм Европа еллеринде тәжирийбе арттырып қайтқан устазымыздан көп нәрселерди үйрендик, – дейди мектеп оқыўшысы А.Базарбаева.
Мектеп оқыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги