Өзбекстан Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2021-жыл 13-июльдағы «Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2021-2022-оқыў жылында биринши оқыў жылы ушын «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында билим алып атырған перзентлерине Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төлемли контракт төлеминиң толық суммасы төлеп бериледи.
Сондай-ақ, пәрман тийкарында усы жылдың 1-сентябринен баслап республикамыздағы жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер ушын Орайлық банктиң тийкарғы процентлик ставкасы муғдарында ҳәм оқыў мүддети жуўмақланғаннан кейин жетинши айдан баслап 7 жыллық мүддетте қайтарыў шәрти менен тәлим кредитлери ажыратылыўы белгиленди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.