Бүгинги күнде пуқаралар арасында ислам дини ибадатын толық әмелге асырыўға қызығыўшылықлар күннен-күнге артпақта. Буны мешитлерде намаз оқыўшылардың көбейип атырғанлығынан да билиў мүмкин. Бирақ, олардың арасында динниң мәнисин толық аңлап жетпей турып, фанатизмге берилген жаслар да ушыраспақта.
Нөкис қаласы «Халықлар дослығы» МПЖда жасайтуғын ҳәр қыйлы жастағы пуқаралар менен «Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен өткерилген семинарда усы мәселелер додаланып, шаңарақта диний билимлердиң әҳмийети атап өтилди ҳәм ҳәр бир қатнасыўшы өз тәжирийбелеринен келип шығып пикир-усынысларын билдирди.
– Ҳаял-қызларымыздың ҳижаб кийиўи, ер балаларымыздың болса, сақал қойыўы ҳәзирги жаслар арасында үрдиске айланып бармақта. Олардың нәзеринде усындай етсе, олар мусылман екенин әтираптағыларға дәлиллеген болады. Бирақ, мусылманшылықта буны көрсетиў, көз-көз етиў шәрт емес. Ол өзиниң таңлаўы. Ҳәр бир мусылман, ең дәслеп ислам дининиң бес парызын әмелге асырса, соның өзи жасларымыз ушын жеткиликли.
Ҳаял-қызларымыз денесин узын жеңли миллий либасларымыз бенен жасырса да болады. Ҳижабтың да баслы мақсети, өз денесин әтираптағы бийгана көзлерден пәк сақлаў болып табылады,-дейди тренер Н.Атамуратова.
- Жақында 8-класста оқыйтуғын қызым ҳижаб кийежақ екенин, бес ўақыт намаз оқып, мусылман қыз болажақ екенин айтты. Өмирлик жолдасым менен бирге оның диннен хабардар болып, намаз оқыўына қарсы емеспиз. Ҳижабты кийиўдиң шәртлерин өзлеримиз де толық билмейтуғынлығымыз ушын қызымыз менен бирге үйрендик. Қызым ҳәзир намаз оқыйды. Бирақ, кимлергедур еликлеп ҳижаб киймейди,-дейди қатнасыўшылардың бири.
Тренерлер семинар даўамында қатнасыўшылар менен пикир алысып, динлераралық кеңпейилликти, миллетлераралық татыўлықты «Биз-ҳәр түрлимиз, бирақ биргемиз – бул бизиң күшимиз» атамасындағы презентация тийкарында түсиндирип өтти. Қатнасыўшылардың пикир-усыныслары топарларға бөлинип, таярлаған презентацияларында өз сәўлелениўин тапты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги