Егер адам саламат аўқатланса инфарк, инсульт ҳәм диабеттиң 80 процент жағдайларда алдын алыў мүмкин.

Бул ҳаққында Россия Илимлер Академиясының хабаршы ағзасы Дмитрий Никитюк айтып өтти.

«Саламат аўқатланыў инфаркт, инсульт ҳәм диабет жағдайларының 80 процент алдын алады. Надурыс аўқатланыў болса 30-50 процент жағдайларда кеселликке себеп болыўы мүмкин», деди ол.

Усы жерде қәнигелер қумшекер, кондитер өнимлери, колбаса ҳәм нанды оғада көп пайдаланбаўды ҳәм балық, сүт өнимлери, мийўе-овощларды көбирек пайдаланыўды усыныс етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги