Қарақалпақстан Республикасы фармацевтика тармағын раўажландырыў бөлиминиң қәнигелери ҳәм Ҳиндстанның «Winkro International» компаниясының ўәкиллери арасында өз-ара бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў мәселелери бойынша ушырасыў болып өтти.

Онда «Winkro International» компаниясының ўәкиллери мәмлекетимиздиң фармацевтика тараўының ҳәзирги жағдайы менен танысып, усы тараўдың инвестициялық тартымлылығына айрықша итибар қаратқан ҳалда келешекте пайдалы байланыслар орнатыў ҳаққында пикир алысты. Бул ҳаққында Фармацевтика тараўын раўажландырыў агентлигиниң баспасөз хызмети хабар бермекте.

Қарақалпақстан Республикасы фармацевтика тармағын раўажландырыў бөлиминиң басшысы Әлишер Сержанов мәмлекетимизде фармацевтика тараўына қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде фармацевтика санаатында қысқа мүддетте унамлы өзгерислер жүз берип атырғанын атап өтип, Ҳиндстан компаниясының ўәкиллерине өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыўда өз ўәкиллиги шеңберинде жәрдемге таяр екенин билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги