Усы жылдың август айында «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа толмаған ҳәр бир перзенти ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 500 мың сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи.
Бул ҳаққында Өзбекстан Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2021-жыл 13-июльдағы «Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманында атап өтилген.
Еслетип өтемиз, өткен жылы да пандемия шараятында материаллық жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардың 16 жасқа толмаған ҳәр бир перзенти ушын 500 мың сумнан ақшалай жәрдем бериў жумыслары әмелге асырылған еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.