АҚШтың Стенфорд медицина мектебиниң илимпазлары қандай азық-аўқат өнимлери имунитетти жақсылайтуғынын анықлаў бағдарында изертлеў өткерди. Олардың илимий бақлаўлары ҳаққында «Cell» журналында мақала басып шығарылды.
Изертлеўге 36 адам өз қәлеўи менен тартылған. Олар еки топарға бөлинген. Биринши топарға он ҳәпте даўамында қатық, творог, йогурт, консерваланған овощлар, кимчи сыяқлы өнимлер берилген.
Екинши топар ағзалары болса усы ўақыт даўамында дәнли жармалар, нан, түрли ғозалар, собықлы өнимлер, мийўе-овощлар жеген.
Мәлим болыўынша, биринши топарда исиниўлер, соның ишинде, интерлейкин 6 азайған. Бул ревматоид артрит, диабет ҳәм жуқпалы стресс сыяқлы кеселликлерге унамлы тәсир көрсеткен.
Соннан келип шығып, илимпазлар тәбийғый өнимлер имунитетти арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе деп есапламақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги