Жаслар пресс-клубында халықаралық имтихан системалары бойынша жоқары балл топлаған ҳәм имтихан қәрежетлери қапланыўы усыныс етилген жаслар менен Жаслар ислери агентлигиниң директоры Алишер Саъдуллаев ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысының  2021-жыл 3-февральдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге  асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде шөлемлестирилген  илажда мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, социаллық  қорғаўға мүтәж студентлерди қорғаў системасын жетилистириў ҳәм социаллық әдиллик принципин тәмийинлеў мақсетинде алып барылып атырған реформалардың түрли бағдарлары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Соның ишинде, Министрлер Кабинетиниң «Халықаралық имтихан системалары бойынша жоқары балл (дәреже) топлаған жасларға имтихан тапсырыў қәрежетлерин толық қаплап бериў тәртиби ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, усы қарар  2021-жыл 13-апрельден күшке кирди.

Усы жылы 6 –июньге шекем Жаслар ислери агентлигине имтихан қәрежетлерин қаплап бериўди сорап, улыўма 461 арза келип түскен. Соннан, 171 и арнаўлы сертификат қарар күшке кирген сәнеден  алдын алынғанлығы себепли  бийкар етилди.  290 жастың  523 миллион  405 мың  869 сумлық имтихан қәрежетлери Жаслар агентлиги тәрепинен Халық банкиниң аймақлық филиаллары  арқалы  төлеп берилмекте.

 

Гулноза Бобоева, ӨзА