Бул ҳаққында Президент Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жуўапкерлериниң қатнасыўында болып өткен баспасөз әнжуманында мәлим етилди.

Атап өтилиўинше, быйылғы жылдың январь-май айларында тармақ инспекторлары  тәрепинен 12 мың 801 қадағалаў илажы, соннан 440 тексериў, 12 мың 361 мониторинг тәртибиндеги үйрениў өткерилген.

Қадағалаў илажлары даўамында улыўма 6 мың  375 нызамбузылыў жағдайы анықланған. Олар бойынша  660 жазба көрсетпе, 167 усыныс хаты киргизилген, 5 мың  515 жағдайда ҳәкимшилик илаж қолланылған,  157 жағдайда ҳүжжетлер нызамлы қарар қабыл етиў ушын ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилген.

Мәмлекетимиздеги барлық аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол қурылысы техникаларының бирден-бир электрон базасы иске түсирилди. Электрон база бүгинги күнде 301 мың данадан  аслам  техника, соның ишинде, 14 мың дана сүрим, 50 мыңнан аслам қатар арасын ислеўши, 71 мыңға шамалас транспорт тракторы, 6 мыңға шамалас ғәлле орыў комбайны, 31 мыңнан аслам мелиорация  ҳәм жол қурылысы техникалары, 1000нан аслам заманагөй жоқары өнимли  пахта териў машиналары ҳәм басқа да техникалар ҳаққында  толық  мағлыўматларды жәмлеген.

Электрон база иске қосылыўы нәтийжесинде техникаларды дизимге алыў, дизимнен шығарыў, олардың анық есабын ҳәм техникалық жағдайын және тракторшы-машинист гүўалығын бериўди онлайн қадағалаў жолға қойылды. Техникалардың электрон санлы есабы жүргизилиўи нәтийжесинде электрон базаны Мәмлкетлик хызметлер агентлиги ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы менен интеграциялаў жумыслары жуўмақланды.

Буның нәтийжесинде усы күнге шекем Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң 1 миллион  217 мың  280 ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросының 2 мың  355 сораўына электрон түрде  тиккелей, инсан факторы араласпаған ҳалда мағлыўмат алмасыўы тәмийинленди. Сондай-ақ, электрон базаны Аўыл хожалығы, Әдиллик министрликлери ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен интеграциялаў жумыслары жуўмақлаўшы басқышқа кирмекте.

 

Муҳайё Тошқораева, ӨзА