Бул ҳаққында 14-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хызметиниң брифингинде мәлим етилди.
-Бул ҳәптеде де Президентимиздиң күн тәртиби тығыз болады. Бүгин денсаўлықты сақлаў тараўына байланыслы мәселелер ҳәм усыныслар (биринши гезекте онкология ҳәм гемотология бағдарларына байланыслы) және Ташкент ўәлаятының Татарстан менен бирге ислесиўи бойынша презентациялар, ертең жоқары билимлендириў тараўындағы реформалар ҳәм быйылғы қабыллаў процесине таярлық бойынша видеоселектор өткерилиўи белгиленген.
Сондай-ақ, 15-июнь күни Президентимиздиң Бирлескен Араб Әмирликлериниң ҳүкиметлик ислер бойынша министри Ал-Гергавий, 16-июнь күни болса Татарстан Президенти Рустам Минниханов пенен ушырасыўлары мөлшерленген.
17-18-июнь күнлери Президентимиздиң Әндижан ўәлаятына сапары режелестирилмекте. Булар ҳаққында ҳәпте даўамында және хабар берип барамыз,-деди Президент Баспасөз хаткери Шерзод Асадов.
ӨзА