Ҳүрметли ҳәм әзиз фермерлер!
Дүньяда азық-аўқат өнимлериниң жетиспеўшилиги жүзеге келиўи мүмкин болған шарятта аўыл хожалығындағы бар ресурслар ҳәм имканиятлардан толық пайдаланыў, азық-аўқат егинлерин еки есеге көбейтиў, жоқары өним алыў, аўыл хожалығы тараўында жаңа жумыс орынларын жаратыў әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады. Усындай қыйын ўақытта дийқан фермерлеримиз ҳәр қашанғыдан да көбирек жуўапкершилик пенен тер төкпекте.
Бурыннан халқымыз нанды ең уллы өним билип қәдирлейди. Үлкен мийнетлердиң есесине жетистирилген өнимниң бир данасын да набыт етпестен жыйнап алыў менен дийқанларымыздың мийнети таўсылмайды.
Гезектеги ўазыйпа ғәлледен босаған жер майданларына халқымыз дәстурханы ушын зәрүр болған қайта егилетуғын егинлерди ўақтында егиў ҳәм жоқары өнимдарлыққа ерисиў болып есапланады.
Соңғы жылларда дийқанларымыздың нәтийжели мийнети ҳәм тараўда илимий тийкарланған агротехнологиялардың қолланылыўы нәтийжесинде мол өним алыў имкнанияты кеңейип бармақта.
Аграр тараўда базар принциплери кеңнен енгизилиўи нәтийжесинде фермер ҳәм дийқанларымыздың жумыс нәтийжелилиги ҳәм материаллық мәпдарлығы артып бармақта. Алдын пайдаланыўдан шыққан жерлер өзлестирилмекте.
Бүгин фермер ҳәм дийқанларымыз аўыл хожалығында тийкарғы күш болып, кластерлер менен биргеликте мәмлекетимиздиң раўажланыўын жоқарылатыў, халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыў, халықтың белгили қатламы арасында кәмбағаллықты қысқартыў бойынша алып барылып атырған жумысларға да өз үлесин қоспақта.
Мәмлекетимиз басшысының жасларға 10 сотихтан 1 гектарға шекем жер ажыратыў сиясатын фермерлердиң қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде, оларға дерлик 60 мың гектар жер ажыратып берилди, тәжирийбели фермер ҳәм дийқанлар бириктирилип, ҳәр тәреплеме жәрдем берилмекте.
Бундай жерлерде дийқаншылық етип атырған мийнеткеш, ғайратлы жасларымыз бүгин биринши өнимди жыйнап алып атыр ҳәм екинши егинди егиўди баслап жиберди.
Нәтийжеде, республика бойынша 200 мыңнан аслам жаслар бир мәўсим даўамында кеминде 10-15 миллион сумнан дәрамат алыў имканиятына ийе болды.
Ҳүрметли Фермерлер!
Масақлы дән өнимлерин набыт етпестен жыйнап алыў, ғәлледен босаған жерлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм экспортқа жарамлы овощ-палыз өнимлерин жетистириўде фермер хожалықларының жуўапкершилигин және де арттырыў мақсетинде төмендеги әҳмийетли илажларды әмелге асырыўыңызды:
бириншиден, жетистирилген масақлы дән өнимлерин зая етпестен қысқа мүддетлерде жыйнап алыў ушын барлық зәрүр илажларды көриў;
екиншиден, ғәлледен босаған жер майданларын тезлик пенен сабаннан тазалап, шүдигарлап, жерлерди егиўге таярлаў жумысларын шөлкемлестириўиңиз;
үшиншиден, ғәлледен босаған жерлерди биринши гезекте жумыссызлар, мүтәж шаңарақлардың ўәкиллери, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар дәптериндеги пуқараларға және қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып атырған қыйтақ жер ийелерине қайталап егин егиў ушын мәўсимлик ижара шәртнамасы тийкарында орташа 20 сотихтан бийғәрез жер ажыратып бериў ҳәм егиў жумысларында жәрдем бериўиңиз;
төртиншиден, ажыратылған жер майданында өз жәрдемиңиз бенен қайтадан егинлер егилиўин тәмийинлеўиңиз, келешекте көбирек экспортқа жарамлы өнимлер жетистирилиўинде және жумыссыз, кәмбағал халықтың дәраматлары артыўында өз үлесиңизди қосыўыңызды сораймыз.
Бундай қайырқомлық пенен исленген жумысларыңыз Ҳүкиметимиз тәрепинен де қоллап-қуўатланып, салық жеңилликлери берилмекте. Сондай-ақ, районлық сектор басшылары, мәкан пуқаралар жыйынлары басшылары ҳәм белсендилери, Фермерлер кеңесиниң хызметкерлери Сизге қайтадан егин егетуғын талапкерлер менен шәртнама қатнасықларын рәсмийлестириўде, оларды туқым, нәл ҳәм басқа да материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлеўде және жетистирилген өнимди реализациялаўда мийўе-овощ кластерлери, «Қыйтақ жер хызмети» ЖШЖлер, экспортёр кәрханалар тәрепинен жақыннан жәрдем бериледи.
«Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳәм жумыссыз пуқараларға ажыратылатуғын 15-20 сотих жерлерде дийқаншылық етиўи, оларға 8-10 миллион сум дәрамат алып келеди, бул арқалы Сиз жаслар, ҳаяллар және сырт елде ислеп жүрген ҳәм ислеп қайтқан жумыссыз халқымызды жумыс пенен тәмийинлеўге үлкен үлес қосқан боласыз.
Әзиз ҳәм қәдирли фермерлер!
Бүгин халқымыз Сизди «ырысқы-несийбемизди жаратыўшылар» деп улығлап, күш-жигериңиз, ғайрат ҳәм мәртлигиңизге қарап турғанын аз ўақыт болса да, естен шығармаўыңыз керек.
Дастүрханымыз толы, базарларымыз өнимлерге толы ҳәм арзан, турмысымыз абадан болыўы сизиң машақатлы мийнетиңизге байланыслы.
Неге дегенде, мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде фермер ҳәм дийқанларымыздың орны шексиз болып, оны ҳеш нәрсе менен өлшеп те, баҳалап та болмайды.
Биз ҳүрметли Жүртбасшымыздың жоқары исенимин ақлап, мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығына мүнәсип үлес қосыў ушын ҳәммеңизди шын жүректен ҳадал ҳәм пидәкерли мийнет етиўге шақырамыз!
Ҳәммеңизге беккем денсаўлық, ийгиликли жумысларыңызға берекет тилеймиз. Быйылғы мәўсимде үлкен қырман жаратып, халқымыз алдында жүзимиз жарқын болыўы ҳәммемизге несип етсин!
Өзбекстан фермер, дийқан
хожалықлары ҳәм қыйтақ жер
ийелери кеңеси
ӨзА
Қарақалпақстан хабар агентлиги