Кеше, 7-июнь күни Бозатаў районында салтанатлы түрде басланған «Жаслар ҳаўазы» фестивалының республикалық басқышы бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында даўам етпекте.

 

Фестиваль шеңберинде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркер өнер музейи ҳәм Әжинияз Қосыбай улы естелиги әтирапында, сондай-ақ, 55 метрлик мәмлекетлик байрақлар орнатылған майданшада, Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде сүўретлер көргизбеси, балалар ушын ойынлар және дем алыў орынлары, жаслар қатнасыўындағы китапқумарлық илажлары, интеллектуал ойынлар, дебатлар, бос жумыс орынлары ярмаркасы, жас исбилерменлердиң жумыслары, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары, коммерциялық банклер, әскерий ҳәм қорғаныў тараўы техникаларының көргизбелери, спорт жарыслары болып өтпекте.

 

Биз усы илажлардан фоторепортаж таярлап, сизиң нәзериңизге усынып отырмыз.

 

Фотолар авторы: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.