Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың экономикасы, халықтың турмыс шараяты менен жақыннан танысыў, келешектеги режелерди белгилеў мақсетинде 12-июнь күнлери Сурхандәрья ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы 2-июнь күни Ҳәким ат-Термизий мақбарасын зыярат етти.

Жаратқаннан елимизге тынышлық-абаданлық тилеп пәтия етилди. Зыялылар менен сәўбетте улама бабаларымыздың ағартыўшылық мийрасын терең үйрениў, жасларды билимли ҳәм пазыйлетли инсанлар етип тәрбиялаў ҳаққында сөз етилди.

Термиз қаласында Сурхандәрья ўәлаяты жергиликли кеңес депутатлары, исбилерменлер менен фермерлер, жаслар, жәмийетшилик белсендилериниң қатнасыўында мәжилис болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ўәлаятты комплексли раўажландырыў, «мәҳәлле кесиминде» системасында халықтың турмысын жақсылаў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды көрсетип өтти.

– Сизлер менен ушырасып, машқалаларды шешиў ушын келгенбиз. Бул сапар етиўге көп ўақыттан берли таярлық көрдик. Ташкентке байланыслы  мәселе қалмады. Енди берилген қаржы ҳәм системаны ақылға уғрас жумсап, орынларда мәнзилли орынлаў керек. Мен күйип-пискеним менен сизлер жан күйдирмесеңиз, халықтың бири еки болмайды. Сурхандәрьяның ишки имканиятларынан пайдалансақ, адамлардың дәртине дәрман болыў ушын барлық шараят бар. Буның ушын сектор басшылары пидайы болып, орнына барып, «мәҳәлле кесиминде» системасында жумыс ислеўи керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў биринши бағдар сыпатында белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы Бандихан, Қызырық, Музрабат ҳәм Шерабад районларының раўажланыўына түртки бериў мақсетинде усы районларда жаңадан шөлкемлестирилетуғын исбилерменлик субъектлерин жер, мүлк, киши кәрхана айланысынан алынатуғын салықлар, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң белгили муғдардағы дәрамат салығынан 2024-жыл 1-январьға шекем азат етиўди усыныс етти.

Сурхандәрья ўәлаятында 2021-2022-жылларда улыўма баҳасы 16 триллион 800 миллиард сум болған 1 мың 177 аймақлық инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылатуғыны атап өтилди. Олардың нәтийжесинде 25 мың жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў мөлшерленген.

– Ўәлаятта қурылыс материаллары, жеңил, былғары, азық-аўқат, электротехника, жергиликли санаат сыяқлы «драйвер» тараўларды жедел раўажландырыў ҳәм жаңа жойбарларды көбейтиў зәрүр, – деди Президент.

Усы мақсетте, қурылыс материалларын экспорт етиўде транспорт қәрежетлери ҳәм кредит процентлериниң бир бөлегин қаплап бериў, импорттың орнын басатуғын турмыслық товарлар ислеп шығарыўшы жергиликли санаат кәрханаларына шийки зат ҳәм ярым фабрикатларды импорт етиўде жеңилликлер бериў бойынша усыныслар билдирилди.

Байсун, Сариосиё, Шерабад районларын қурылыс материаллары, Қызырықты жеңил санаат, Алтынсайды азық-аўқат, Ангорды былғары, Бандихан ҳәм Музрабат районларын жергиликли санаатқа қәнигелестирип, кластерлер шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, Сариосиёда қурылыс материалларын ислеп шығарыў инновациялық индустриаллық зонасының шөлкемлестирилетуғыны айтылды.

Усы 8 қәнигелестирилген районда санаатты раўажландырыў ушын зәрүр болатуғын, жәми 674 километр суў, электр, газ, жол, байланыс тармақларын қурыў бойынша мәнзилли жойбарлардың дизими қәлиплестириледи.

Ўәлаятта импорттың орнын басатуғын жаңа жойбарларды қаржыландырыў, зәрүр инфраструктураны жаратыў, экспортёрларды айланыс қаржы менен тәмийинлеў мақсетинде Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 50 миллион доллар муғдарында жеңиллетилген ресурс ажыратылатуғын болды.

«Термиз» еркин экономикалық зонасы ҳәм Термиз халықаралық саўда орайын Азия мәмлекетлери ушын экспорт өнимлерин ислеп шығарыў менен сатыўға хызмет ететуғын тийкарғы майданшаға айландырыў ўазыйпасы қойылды.

Президент жетерли итибар берилмей атырған және бир әҳмийетли мәселе – жергиликли санаат кәрханалары менен қатаң шуғылланыў керек екенлигин атап өтти. Оларды қоллап-қуўатлаў ушын импорттың орнын басыўшы социаллық-турмыслық товарлар ислеп шығаратуғын жергиликли санаат кәрханаларын мәмлекетимизде ислеп шығарылмайтуғын шийки зат ҳәм ярым фабрикатларды импорт етиўде 2026-жыл 1-июльға шекем бажыхана төлемлеринен азат етиў, ўәлаятта санаат тараўларын жедел раўажландырыў ушын арнаўлы Муўапықластырыўшы кеңес дүзиў усынысын билдирди.

Инвестициялық жойбарлардың 3 триллион 121 миллиард сумы аўыл хожалығы тараўына тийисли. Атап айтқанда, 1 мың гектар ыссыханалар шөлкемлестириўге 950 миллиард сум қаратылады. Алтынсай, Узун, Бандихан, Денов, Жарқурғон, Музрабат, Термиз ҳәм Сариосиё районларында зайтун плантациялары, Шерабад, Музрабат ҳәм Қызырықта әнар бағлары жаратылады.

Мәжилисте Сурхандәрья ўәлаятының 60 сектор басшысы өз аймағындағы мәҳәллелерде «өсиў ноқатлары»н белгилеп, оларды раўажландырыў ушын жумыс ўақтының кеминде 50 процентин мәҳәлледе өткериўи, қыйтақ жерден ақылға уғрас пайдаланыў бойынша жаңа система жаратылатуғыны атап өтилди.

– Сурхандәрья мысалында қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша шаңарақ ийеси – таярлаўшы кәрхана – қайта ислеўши ҳәм экспортёрларды байланыстыратуғын, жаңа тутас система жаратамыз. Буның ушын өнимдарлығы төмен, ғаўашадан босайтуғын жерлерден қыйтақ жер ийелерине овощ-палыз өнимлерин жетистириў ушын орташа 15-20 сотихтан 10 жыл  мүддетке шекем ижараға жер бериўдиң ҳуқықый тийкарлары ислеп шығылады. Усы ажыратылған жерлерде жетистирилетуғын өнимлерге мийўе-овощ ҳәм қыйтақ жер кластерлери буйыртпа береди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Буйыртпашылар өним жетистириў ушын барлық материаллық ресурслар менен тәмийинлейди ҳәм жетистирилген өнимди сатып алады.

Бул мийўе-овощ кластерлериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жаңа кластерди шөлкемлестириў бойынша «жол картасы» ислеп шығылады. 60 сектордың ҳәр биринде қыйтақ жерден өним жетистиретуғын шаңарақларды кластерлер менен байланыстыратуғын, таярлайтуғын кәрханалар шөлкемлестириледи. Усы кәрханалар қыйтақ жер ийелеринен жетистирилген өнимди сатып алады ҳәм таңлап кластерлерге экспорт етиў ҳәм қайта ислеў ушын береди.

Кластерлер тәрепинен қыйтақ жерде жетистирилген өнимлерди сыртқы базарларда сатыўды шөлкемлестириў ушын Россиядағы елшиханамыз ҳәм ўәкилханаларда Сурхандәрья ўәлаяты ўәкиллериниң жумысын жолға қойыў керек екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте ўәлаятқа исбилерменлик ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди кеңейтиў ушын шаңарақлық исбилерменлик ҳәм хызмет көрсетиўди раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде 727 миллиард сум кредит ажыратылатуғыны мәлим етилди.

Быйыл жәмийетлик жумыслар, кооператив ҳәм қыйтақ жер хожалығында 50 мың жумыссыздың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Оған Бәнтликке жәрдемлесиў ҳәм Жәмийетлик жумыс қорларынан 32 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы социаллық инфраструктураны раўажландырыў мәселелерине де айрықша тоқтады.

Усы жылы ўәлаятта «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде 483 аўыл ҳәм мәҳәлледе абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Буның ушын 1,6 триллион сум қаржы ажыратылған.

1 мың 230 километр жоллардың оңланыўы, және мың километр электр тармағының тартылатуғыны атап өтилди.

Президент жақын 2-3 жылда ўәлаятта 1,5 миллион халықтың ишимлик суў машқалаларын толық шешиў, буның ушын «Тўпаланг» суў сақлағышынан 400 километр магистраль тармақлар тартыў бойынша жойбар ислеп шығыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Қаржы министрлигине ўәлаятта социаллық, коммуникация ҳәм жол инфраструктурасын раўажландырыўға 2021-жыл ушын қосымша 200 миллиард сум ажыратыў бойынша көрсетпе берилди.

Президентимиз ўәлаяттың миллий қәдириятларын және де раўажландырыўға да айрықша итибар қаратты. Шаңарақларда қарабайыр атлар, тақыялар, домбыра болыўы өзгеше пайыз беретуғыны айтылды. Сурхандәрьяда шабандозлық мектебин шөлкемлестириў тапсырмасы берилди. Келеси жылы жылқышылық, домбыра, тақыя сыяқлы миллий қәдириятларымыз бойынша Наўрыз сейили Сурхандәрья ўәлаятында болатуғынын атап өтти.

Мәжилисте қала ҳәм район студияларындағы халық пенен ашық сөйлесиў болды.

Президент Шавкат Мирзиёев Термиз қаласында қурылған көп қабатлы турақ жайларды барып көрди.

Усы 9 қабатлы турақ жайларда 208 шаңарақ бар. Имараттың фасады үш қапламадан ибарат болып, турақ жайлар қыста ыссы, жазда салқын болады. Ҳәр бир шаңарақ өз алдына ысытыў қазаны менен үскенеленген. Биринши қабатта саўда ҳәм сервис шақапшалары жайласқан.

Турақ жайларға хызмет көрсетиў ушын басқарыў компаниясы шөлкемлестирилген. Ол жерде электр, газ, лифт ҳәм сантехника усталарының нәўбетшилиги жолға қойылады. Сондай-ақ, компания жанында оқыў орайы да болып, жаслар көп қабатлы турақ жайларға хызмет көрсететуғын жумысшы кәсиплерди үйрениўи мүмкин.

Бул жерге дәслепки шаңарақлар көшип келе баслады. Олардың айырымлары квартираларды мәмлекет тәрепинен берилген жеңилликлер тийкарында алған.

Мәмлекетимиз басшысы усындай еки шаңарақ – Наргиза Раҳимова ҳәм Фаррух Эгамовтың шаңарақларында болып, олар менен сәўбетлести.

– Сиясатымыздың ең үлкен талабы мәҳәллелерде жүрип, адамлардың машқалаларын тыңлап, оларды шешиў. Бүгин де Сурхандәрья бойынша үлкен режелер белгиледик. Ҳәммесиниң кеўлинде бир нәрсе – инсанның мәпи бар. Енди бул турақ жайларды халыққа әдил түрде бериў керек. Әдиллик болса, қәдирине жетеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Улыўма етип айтқанда, быйыл Сурхандәрья ўәлаятында 3 мың 500 квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурылады. 1 мың 460 шаңараққа ипотека ушын субсидия бериледи.

Усының менен Президентимиздиң Сурхандәрьяға сапары жуўмақланды.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,

ӨзАның хабаршылары