Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлериниң кандидаты Алланазар Әбдиевтиң «Қарақалпақ қосығы» атамасындағы жаңа прозалық китабы баспадан шықты.
Китап Ташкент қаласындағы «Tamaddun» баспасынан жоқары сапада, басылып шыққан болып, бул китапқа филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы К.Алламбергенов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының ағзасы, жазыўшы Б.Ерназаров ҳәм шайыр Ж.Өтениязовлар пикир билдирген.
Халқымызға белгили жазыўшы А.Әбдиевтиң бүгинги күнге шекем 24 көркем әдебий, илимий ҳәм публицистикалық китаплары жарық көрген. Жазыўшының гезектеги бул топламында жақын жылларда дөреткен, яғный еле сыясы кеппеген повесть ҳәм таңламалы гүрриңлери (2-пасыл), сондай-ақ, дөретиўшилигиниң ерте дәўирлеринде жазып, бурын баспасөзге усынбаған гүрриң, тымсал, интермедия, сценарийлери (1-пасыл) орын алған.
Жазыўшының бул китабына «Қарақалпақ қосығы» атамасын бериўи де тосыннан емес. Китапқа көз таслар екенбиз, қарақалпақ халқының ерте-сак, массагет дәўириндеги турмысын, тарийхын, үрп-әдети, мәдениятын, көзқарасы менен қоса улыўма инсаныйлық машқалаларын өзинде көркем сәўлелендирген. «Ийт ҳәм адам ямаса ашлық сынағы» повестинен соң дыққатымызды тартқан шығарма «Қарақалпақ қосығы ямаса нан жеңиз!» гүрриңи болды. Бул гүрриң этнографиялық планда жазылған болып, халқымыздың ертедеги тарийхый тулға, қаҳарманлары, қарақалпақтың бойына питкен ағла пазыйлетлери, миймандослығы, турмыс-тәризи, үрп-әдет, салт-дәстүрлери жазыўшы тәрепинен шебер ҳәм көркем тилде сүўретленген. Оны оқыған адамның жүрегинде миллий мақтаныш сезимлери оянады. Бул дөретпе арқалы автордың өз Ўатанын шексиз сүйетуғынына, халқымыз тарийхын, руўхый мәдениятын, үрп-әдетлерин жақсы, терең билетуғынына және бир мәрте исенимиң кәмил болады. Гүрриңди халқымыздың бийтәкирар тарийхы, таўсылмас жыры, қаҳарманлық-турмыслық дәстаны, мәңгилик қосығы десек асыра айтқан болмаймыз.
Китаптан орын алған буннан басқа да барлық шығармалар өзиниң қызықлы, терең мазмуны, көркемлик сапасы жоқарылығы менен турмыс шынлығын көркем сәўлелендириўи арқалы оқыўшыны өзине тартады ҳәм руўхый азық береди, деп ойлаймыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги