Дүнья жүзи бойынша COVID-19 қурбанларының саны 6-8-миллион адамды қурады, деди Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми бас директорының мағлыўматлар ҳәм анализлер бойынша жәрдемшиси Самира Асма күни кеше өткерген брифингте.

– Пандемия ҳәзир де раўажланбақта. Пандемиядан қайтыс болғанлар саны 6-8 миллион адамды қураўы мүмкин, – деди ол.

ЖДСШ мағлыўматы бойынша, 2020-жыл январьдан 31-декабрьге шекем рәсмий 1 миллион 813 мың 188 адамның өлими дизимге алынған. Бирақ өткен жылы COVID-19 дан қайтыс болғанлардың улыўма саны дәслепки есап-санақларға бола, кеминде 3 миллион адамды қурайды. Гәп сонда, барлық өлимлер де есапқа алынбаған ямаса басқа да кеселликке байланыслы ҳалда есапқа алынған.

Усы статистиканы есапқа алған ҳалда, ЖДСШ экспертлериниң шама менен, ҳәзирги ўақытта вирус себепли қайтыс болғанлардың улыўма саны рәсмий жәрияланған қурбанлар санынан кеминде 2-3 есе көп болып есапланады.

«Бизлердиң есап-санағымызға, ҳәзирги ўақытта 3,4 миллион адам қайтыс болғаны ҳаққында хабар берилген. Пандемия раўажланбақта, солай екен бизлердиң есап-санағымыз да өзгерип барады. Пандемия раўажланбақта, солай екен бизлердиң есап-санағымыз да өзгерип барады. Бирақ ҳәзир ўақытта коронавирустан 3,4 миллион адам қурбан болғаны рәсмий жәрияланған, бирақ ҳақыйқый көрсеткиш мағлыўматтан 2-3 есе артық болыўын есапқа алатуғын болсақ, бул 6-8 миллион адамды қурайды», деп қосымша етти Асма.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги