Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң кеңейтилген мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси күн тәртибине киргизилген мәселелер додаланды. Соның ишинде, «Транспорт ҳаққында»ғы, «Космослық мағлыўматлар ҳаққында»ғы, «Баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамлары комитет ағзалары тәрепинен толық додаланды.

Сондай-ақ, «Майыплар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияны (Нью-Йорк, 2006-жыл 13-декабрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы және «Халықаралық мийнет шөлкеминиң Мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасына жәрдемлесиў тийкарлары ҳаққындағы 187-санлы Конвенцияны (Женева 2006-жыл 15-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамлары да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, «Транспорт ҳаққында»ғы нызамның тийкарғы мақсети халықаралық нормаларды есапқа алған ҳалда, барлық түрдеги транспорт қуралларының оптимал ҳәм тең салмақлы өз-ара байланысының ҳуқықый, экономикалық ҳәм шөлкемлестириў тийкарларын  белгилеўден ибарат. Бул, өз гезегинде, тараўдың жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде бирден-бир транспорт тармағына бирлесиў, пайдалы транспорт-логистика системасынан пайдаланыў тийкарында транспорт түрлерин үйлесикли раўажландырыў бойынша мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыўда үлкен орын ийелейди.

Буннан тысқары, мәжилисте «Баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар ҳаққында»ғы нызам да терең талланды. Атап айтқанда, бул нызам бүгинги күнде жоқары пәт пенен раўажланып баратырған елимиздиң кән-металлургия санаатын тәртипке салыў, жер асты байлықларынан пайдаланыў нәтийжелилигин және де арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.

Комитет мәжилисинде Мәмлекетлик бюджеттиң 2020-жыл жуўмақлары бойынша орынланыўы да көрип шығылды. Мәмлекетлик бюжеттиң 2020-жылдағы қәрежетлери 144 триллион 142,7 миллиард сумды ямаса жалпы ишки өнимге салыстырғанда 24,8 процентти қураған.

Аралбойы регионында әмелге асырылып атырған экологиялық илажлар ушын 44,1 миллиард сум қаржы жумсалған. Сондай-ақ, 2020-жылы Аралбойы регионын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында әмелге асырылатуғын 149 жойбарға ажыратылған қаржылар муғдары 207,1 миллиард сумды қурағаны атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте 2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў бағдарламасының орынланыўы бойынша да мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, Бағдарламаға муўапық усы жылдың 1-май жағдайына  840 жойбар иске қосылып, 5 мың  75 жаңа жумыс орны жаратылды. Ҳәзирги күнде Аралбойы аймақларында Халықаралық финанс институтларының 1 миллиард 326,7 миллион долларлық 20 жойбары әмелге асырылмақта. Комитеттиң басламасы менен усы жылы 3-6-май күнлери Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги терапия бағдарындағы бас қәнигелерден ибарат топары Қарақалпақстан Республикасындағы «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳәм жатып қалған наўқасларды «шаңарақ кесиминде» системасы тийкарында медициналық тексериўден өткерди. Нөкис қаласы, Қоңырат, Шымбай ҳәм Беруний районларында жасайтуғын 226 наўқас медициналық тексериўден өткерилди. Наўқаслардың 11 и Қарақалпақстан Республикасы көп тармақлы медицина орайында, 4 еўи Ташкенттеги қәнигелестирилген медициналық орайларда емлениўге, 3 еўи баўыр трансплантациясына және биреўи жүрек хирургиялық операциясына усыныс етилди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы