АҚШ ҳәм Малайзия илимпазлары алдын илимге белгили болмаған коронавирусты анықлады, олар ийтлерден адамларға жуғыўы мүмкин екен.
2018-жылы илимпазлар Малайзияда пневмониядан емленген 300 ден аслам адамлардың мурын силекей безлерин анализ етти. Олардың сегизинде алдын илимге белгили болмаған коронавирус анықлап, оған CCoV-HuPn-2018, деп атама берди.
Анализ нәтийжелеринде айтылыўынша, илимпазлар CCoV-HuPn-2018 коронавирус пенен алдын тек ғана ийтлер аўырған болса, енди ол адамларға жуға баслаған. Ҳәзирше усы вирус адамнан адамға өтиў-өтпеўи ҳәм адамның иммунитети бул вирусқа қандай қарсылық көрсете алыўы белгисиз.
«Ҳәзирше бизлер усы вирустан пандемияның келип шығыўына себеп көрмей атырмыз, бирақ келешекте қәўетерге салмаўына кепиллик бере алмаймыз», – деди усы изертлеўде қатнасқан Огайо штаты университетиниң илимпазы Анастасия Власова.
Хабарда атап өтилиўинше, бул коронавирус пенен наўқасланған ийтлерде, асқазан-ишек трактинде машқала бақланған. Адамларда болса бул белгилер атап өтилмеген, бирақ респираторлы кеселликлерге уқсас белгилер бақланған. Сондай-ақ, усы коронавирус анықланбаған сегиз наўқас төрт-алты күн емленип жақсы болып кеткен.
Власованың атап өтиўинше, ҳәзирше бул вирус қай дәрежеде тарқалғанын билиў қыйын.
Егер эпидемиологиялық изертлеўлер тастыйықланса, бул адамларда кеселлик тарқататуғын сегизинши коронавирус болады, делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги