Көплеген жәниўарлар күлиўди биледи ҳәм олардың түрлери бизлердиң ойлағанымыздан әдеўир көбирек: кеминде 65 түрли ҳайўан ҳәм қуслар. Бул ҳаққында «Naked Science» жазбақта.

Усы ўақытқа шекем приматлар (маймыллар), тышқанлар ҳәм айырым түрдеги жәниўарларда күлки жәмийетлик қарым-қатнас қуралларынан бири деп есапланатуғын еди. Шекти және де узақ алған калифорниялы илимпазлар енди басқа түрдеги жәнликлерде «ҳәзилге мейиллик» қаншелли раўажланғанын үйренип көрди.

Адамларға тән күлки қуўаныш белгиси болып, басқа адамларды да бул қуўанышқа шерик болыўға шақырады. Илимпазлар айырым түрдеги жәниўарларға да вокализацияның бул усылы жат емес, деген болжаўды алға қоймақта. Олардың пикиринше, тек ғана маймыллар емес, ал ийтлер, үйде бағылатуғын қара маллар, түлкилер, тюленлер, мангустлар, қуслардың үш түри, атап айтқанда, тотылар ҳәм австралия ҳәккелери күлиўди биледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги