Усы жыл 8-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен аймақларда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген мәжилисте бажыхана уйымларына жүкленген ўазыйпалардың толық орынланыўын, атап айтқанда, исбилерменлерге сапалы хызмет көрсетиў, мәсләҳәт бериў, орынларда олардың жумысларын әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды «кәрхана кесиминде» үйрениў ҳәм жедел шешиў мақсетинде орынларда исбилерменлик субъектлери менен ушырасыўлар шөлкемлестирилип, олардың машқалалары үйренилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Нөкис» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постында Әмиўдәрья районында жумыс ислеп атырған исбилерменлик субъектлери менен ушырасыў өткерди.
Оларға бажыхана тараўында жаңадан қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм жаратылған жеңилликлер ҳаққында түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 21-апрель күнги «Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў, исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына бажыхана төлемлерин бөлип-бөлип төлеўдиң ўақтынша тәртиби, нызамшылықта белгиленген сырт елден сырт ел валютасындағы түсимлер түсиўиниң кешиктирилиўи бойынша жәриймалар муғдарының азайтылғаны ҳәм усы қарар менен киргизилген басқа да жеңилликлер түсиндирилип өтилди.
Ушырасыў даўамында исбилерменлик жумысын әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды «кәрхана кесиминде» үйрениў мақсетинде пост басшылары тәрепинен «Әмиўдәрья текстиль», «Маңғыт инвест плюс», «Маңғыт холодильник», «Эрнафас», «Әмиў-Маңғыт шарўа», «Абдуқодир-Ризо», «Жайҳун силк», «Әмиўдәрья бизнес инвест» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери, «Илҳам-Шохрух» ҳәм «Палўанбай аўылы» фермер хожалықларының ҳәр бир ўәкили менен жеке сәўбетлесиў өткерилип, машқалалары орнында толық көрип шығылды ҳәм әмелдеги нызамшылық шеңберинде түсиник жумыслары алып барылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги