Өз жанынан кешип, тынышлық ушын гүрескен мәрт азаматларымыз бәрқулла ел ардағында. Әсиресе, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары халықтың ҳүрмети ҳәм итибарында болып келмекте.

Бүгинги аспаны ашық, тыныш-татыў, абадан турмыс кеширип атырған ҳәр бир инсан бахытлы. Усындай пәраўан турмысқа аңсатлық пенен ерисилген жоқ. Көплеген ата-бабаларымыздың мийнетлерин, мәртликлерин бүгинги жас әўладларымыз ушын өрнек етип көрсетсек арзыйды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қоңырат районы ҳәкими Қ.Халмуратов кең жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен райондағы «Қумбыз» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Қудайберген ата Хожаметовтың шаңарағына барып, жағдайынан хабар алып, Президентимиздиң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди. Уллы жеңистиң 76 жыллығы менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниң саўғасын тапсырды.

Қудайберген ата урыс жылларын, урысқа қатнасқан қуралласларын еслеп, ҳәзирги тыныш-татыў турмысымызға шүкиршилик етти. Президентимиз ҳәм ел басшыларының усындай итибары ушын шексиз миннетдаршылығын билдирип, елимиздеги аўызбиршиликти, абадан турмысты тәмийинлеў ушын аянбай хызмет етип атырған мәрт азаматларымызға бахыт, үлкен денсаўлық тилеп, өз пәтиясын берди.

Илаж райондағы көркем өнер шеберлери ҳәм жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги