Миллионлаған инсанлардың өмирин зая еткен, тарийхта ең қанлы урыс атанған екинши жер жүзилик урыс, оның қанлы саўашларын өз көзи менен көрип, жеңис ушын аянбай гүрескен инсанлар бүгин арамызда санаўлы ғана.
Усындай теберик инсанларды көздиң қарашығындай қәдирлеў, оларға ғамқорлық көрсетиў ийгиликли мақсетимиз болып есапланады. Оларға ҳәр жылы ҳүрмет көрсетилип, қәдирленбекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Б.Сидиков, Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары А.Сайпова ҳәм З.Сейтниязовалар, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери мене биргеликте байрам қарсаңында Нөкис қаласы «Әмиўдәрья» МПЖ да жасаўшы екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Қәдирбай ата Нармановтың шаңарағында болып, жағдайынан хабар алынды.
Нураный ата урыс жылларындағы қыйыншылықларды еске алып, халықтың сол ўақыттағы аўыр турмысын еслеп, келеси әўладларымызға тынышлықтың, парахатшылықтың қәдирин билип жасаўға, бүгин аспаны ашық тыныш татыў турмысымызға шүкиршилик етип, жасларға ақ пәтиясын берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги