Өткенлерди еске алыў, олардың Ўатан алдындағы ислеген хызметлерин қәдирлеў, шаңарақ ағзаларынан хабар алыў инсаныйлық пазыйлетлерден есапланады.
9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан бажыхана уйымларында хызмет етип, елимиздиң шегераларында сергек турған, контрафакт өнимлери, нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүрескен, елимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў, бажыхана төлемлерин толық өндириў жолында керек болса жанын да аямаған марҳум бажыханашылар еске алынды.
Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған Амангелди Қдиров, Тимур Ордабаев ҳәм Икрам Матекеевлердиң шаңарақларынан хабар алды. Мархум бажыханашылардың руўхына қуран аяты оқылып, еске алынды.
Бажыхана уйымларында нәтийжели хызмет етип, өзлерине жүкленген ўазыйпаларды минсиз атқарған, тилекке қарсы, бүгин арамызда болмаған Ерполат Юсупов, Байрам Қалмуратов, Ербол Агатаев, Әдилбек Баймуратовлар басқарманың жеке қурамы тәрепинен еске алынып, шаңарақ ағзаларынан хабар алынды.
Бундай илажларды өткериўден тийкарғы мақсет, Ўатан қорғаўшыларын еске алыў, арамыздағы пидайы инсанлардың, тынышлықтың қәдирине жетиў, турмыс абаданлығын тәмийинлеў ушын тер төгип, жемисли мийнет етип атырғанғанымызға шүкиршилик етиў болып табылады. Бул болса ҳәр қандай адамды руўхый жақтан хошаметлейди, оны жасаўға, ел-журт ушын садықлық пенен хызмет етиўге шақырады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы