Халықтың саламатлығын сақлаў, мәмлекетте эпидемиологиялық  жағдайдың кескинлесиўине жол қоймаў мақсетинде елимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине байланыслы ғалабалық илажларды тек ғана Өзбекстан Республикасы  Президентиниң  2021-жыл 20-апрельдеги ПҚ-5081-санлы қарары менен тастыйықланған 9-май –Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, улыўма халықлық  байрамына бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бағдарламасы шеңберинде карантин илажларына қатаң әмел еткен ҳалда әмелге асырыў зәрүр.

Бунда жоқарыдағы бағдарламада нәзерде тутылмаған басқа ҳәр қандай ғалабалық илажларды өткериў қадаған  етиледи.

Бул карантин шеклеўине әмел етилиўи Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм жергиликли ҳәкимликлер, Миллий гвардия, ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлер тәрепинен қадағаланады.

 

ӨзА