Китаплар дүньясында
Миясар Қабулованы көпшилик бираз жыллардан бери баспасөзде қәлем тербетип киятырған талантлы журналистлердиӊ бири сыпатында жақсы таныйды.
Ол соӊғы жыллары «Ғәрезсизлик ҳәм Нызам» газетасында бөлим редакторы болып, бул басылымныӊ ҳәртәреплеме сапалы болып шығыўына өзиниӊ салмақлы үлесин қосыў менен бирге Қарақалпақстан журналистикасы бойынша илимий излениўлерде алып бармақта.
Атап айтатуғын болсақ, жақында Нөкистеги «AVANGARD-BASPA» тәрепинен Миясар Қабулованыӊ усындай илимий дөретиўшилик жумысларыныӊ жемиси болған «Екинши жер жүзилик урыс жылларында Қарақалпақстан баспасөзи» атлы жаӊа китабы басып шығарылып, оқыўшылар қәўимине усынылды.
Бул китапта автор урыс жылларындағы баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниӊ жемисли мийнетлери сөз етиледи.
«Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы қарақалпақ әдебияты, мәденияты, тарийхы ҳәм экономикалық жағдайлары изертленгени мәлим. Ал, усы жыллардағы Қарақалпақстан баспасөзи ҳаққында елеге шекем илимий-изертлеўлер жоқтыӊ қасында. Бизиӊ тийкарғы мақсетимиз –сол дәўирдеги журналистлердиӊ мийнетин кеӊирек сәўлелендириў,»-деп жазады китап авторы Миясар Қабулова.
Сол айтқанындай бул китапта оқыўшылар урыс дәўириндеги газетасында жарық көрген мақала,гүрриӊ, арнаў ҳәм шақырық қосықлар менен де танысады. Бул китапты автор 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» ҳәм Жеӊистиӊ 76 жыллығы алдынан оқыўшыларға кишигирим саўға сыпатында усынған. Сондай-ақ, бул мийнет студентлер, жас журналистлер ҳәм илимий излениўшилер ушын да баҳалы оқыў қолланба болып есапланады.
Адилбай Оразов
Қарақалпақ хабар агентлиги