Нөкис қаласында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары бәлент желбиреген майданда екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығына бағышланған «Қарақалпақ әдебияты ўәкиллериниң  жеңиске қосқан үлеси» атамасында мәденийруўхый илаж болып өтти.

Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға жазыўшы-шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери, жаслар қатнасты.

Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет, «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни»н көтериңки жағдайда белгилеў, екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығы мүнәсибети менен жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жас әўладты китапқумарлыққа қызықтырыў, елимиздеги белгили жазыўшы-шайырлардың урыс дәўиринде қарақалпақ әдебиятына қосқан үлесин кеңнен сәўлелендириў болып табылады.

Илажда Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары Ж.Абдижамилов, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңиске қарақалпақстанлылардың, соның ишинде әдебият ўәкиллериниң қосқан үлесине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бул қанлы урысқа 22 қарақалпақ жазыўшы-шайыры қатнасып, урыс майданларында ерлик көрсетти. Олардан Сәдирбай Мәўленов, Шамшет Хожаниязов, Артық Шамуратов, Сәрсен Қурбаниязов, Жумат Ҳәбибуллаевлар саўаш майданларында қаҳарманларша қаза болды.

Қарақалпақ әдебияты ўәкиллери фашист басқыншыларына қарсы гүресиў менен бирге, өзлериниң әжайып шығармалары менен жаўынгерлерди, тылда аянбай мийнет еткен халқымызды уллы жеңиске қарай рухландырды. Мәселен, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Жолмурза Аймурзаев өзиниң «Улым тыңла!» атлы қосығында

Улым тыңла!, жүрмен майдан ишинде,

Ийнимде бар жарқыраған жаў-жарақ,

Егер жаўды жексен етип бармасам,

Сен есапла, оннан өлим жақсырақ,

-деп өзиниң мәртлик лебизин билдирди.

Илажда Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров өзиниң «Ҳәсирет ҳәўири» поэмасынан үзинди,  шайырлар екинши жер жүзилиқ урыста жерлеслеримиз көрсеткен ерлигин, қаза болған әскерлердиң мәртлигин  жырлаўшы қосықларынан оқыды.

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы хызметкерлериниң, Арқа-батыс әскерий округи әскерлериниң көргизбели шығыўлары, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры жәмәәти тәрепинен атқарылған урыс жылларын еслетиўши сахналық көринислер жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Илаж республикамыз көркем өнер ғайраткерлериниң, Арқа-батыс әскерий округи әскерий оркестриниң урыс жылларындағы ҳәм бүгинги бахытлы турмысымызды жырлаўшы қосық ҳәм аяқ ойынлар менен даўам етти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы