«Автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықын беретуғын айдаўшылық гүўалықларын алыў ушын имтиханларды өткериў тараўына жеке секторды тартыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди, деп хабар бермекте xs.uz.

Қарарға бола,  2021-жыл 1-июньнен баслап автотранспорт қураллары ҳәм қала электр транспорты қураллары айдаўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў  хызметлерин көрсетиў жумысы ушын лицензияға ийе исбилерменлерге барлық категориядағы автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықын беретуғын айдаўшылық гүўалығын алыў ушын теориялық ҳәм әмелий имтиханларды өткериў ҳуқықы берилди.

Алдын бул тәртип Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен әмелге асырылатуғын  еди.

Бул тәртип троллейбус ҳәм трамвай транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықын беретуғын айдаўшылық гүўалығын алыў ушын енгизилмейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги