9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни
Халқымызда “өли сыйлаған бай болар, “өлиге-ҳүрмет, тириге иззет”деген даналық гәплер бар.
Әлбетте, бул дүньяны тәрк еткен жақсы инсанлар ҳәмийше адамлардың кеўил төринде узақ ўақытларға шекем жасайды. Олар өмирден көз жумып кеткени менен де, олардың ибратлы ислери, халыққа еткен ҳадал хызметлери ҳеш ўақытта халықтың ядынан өшпейди.
Инсанның хызметлери оның өз халқы, туўған ели ушын ислеген ийгиликли ислеринде көринеди. Себеби, ел-халқы ушын ислеген қайырлы истиң ҳәр бир сааты бир жылға бәслеседи. Республикамызда әне усындай өзи ушын емес, ал, халқы, оның бахты-ығбалы ушын аянбай хызмет етип, ҳәттеки жанын да қурбан етиўге таяр турған ҳақыйқый мәрт азаматларымыз көплеп табылады. Олардың ишинде ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери де бар.
Қәдирлеў- дегенде әсирлер даўамында ана ўатанымыздың, халқымыздың азатлығын, тынышлығын қорғаған пидайы инсанларды еске алыў, оларға мүнәсип ҳүрмет көрсетиўди түсиниўимиз лазым. Инсан өмири күнлер, айлар ҳәм жыллар менен өлшенеди, ал бирақ инсанның ислеген хызмети, үлги боларлық ислери ол өмирденкөз жумғаннан соң да излериндегилердиң қәлбинде жасай береди. Оның өлшеми жоқ. Өз өмирин халқымыздың тынышлығын сақлаў, жынаятшылықты болдырмай, оның алдын-алыў, нызамларды ҳүрмет етиў, оның орынланыўын тәмийинлеўге өмирин бағышлаған марҳум юрист-устазларды ҳеш қашан умытпаймыз.
Тарийхқа бир нәзер салсақ, екинши жер жүзилик урыс жылларында Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы хызметкерлери де жынаятшылыққа қарсы гүрес алып барыў жумысларын улыўма мәмлекет аймағындағы кескин жағдайлар да әмелге асырды. Мине, усындай аўыр жыллардың қыйыншылықларына қарамастан елдиң атын шығарып, прокуратура уйымларының қәлиплесиўинде өзиниң салмақлы үлесин қосқан усы тараўдың ҳүрметли ветеранларының қатарында Тәжетдин Ерниязовтың хызметлерин бүгин еслеп өтиў орынлы.
Марҳум ағамыз 1938-жыллары сол ўақыттағы Куйбышев районы прокурорының орынбасары болып ислеген болса, 1942-жылларға келип Кегейли районы прокуратурасын басқарды. Ал, 1948-1961-жыллар аралығында Хожели, Қоңырат районлары прокуроры болды. Ол бир неше медаль ҳәм орденлерге сазаўар болды. Бир неше мәрте ӨзР Жоқарғы Президиумы Кеңесиниң , ҚҚАССР Жоқарғы Кеңесиниң “Ҳүрмет жарлығы”менен сыйлықланған.
Сондай-ақ, марҳум ағаларымыздан Пиржан Халмуратов та сондай ҳүжданлы, жигерли, мәрт әке ҳәм устаз, юрист, басшы, мәмлекетлик ғайраткер инсанлардың бири еди. П.Халмуратов Нөкис қаласы прокуроры, оннан соң Хожели районлар аралық прокуроры болып ислеген.Ҳақыйқатгөй, дурыс сөзли, тик минезли, халкына әдалатлы хызмет еткен Пиржан Халмуратовтың ел-журтына ислеп кеткен қалыс хызметлери халқымыздың ядында мәңги сақлана береди.
Прокуратура уйымларының ветераны Дәўимшар Ожраевтың өмир жолы, халкына еткен хызмети-бир дәстан. Бул инсанның басып өткен жолы да мисли бир тарийх десек қәтелеспеймиз.
Ол екинши жер жүзилик урысқа қатнасып, урыстан келгеннен кейин өзиниң мийнет жолын әскерий комиссариатта бөлим баслығы болып ислеўден баслайды. 1946-жылы Ташкент қаласындағы юридикалық института оқыўға кирип, оны 1950-жылы табыслы тамамлап, 1950-1951-жыллары Хорезм областы прокурорының жәрдемшиси болып ислейди. Ал, 1951-жылдан 1954-жылға шекем Хорезм областының Янгибазар районы прокуроры болған. Усы жылы ол Москвадағы юридикалық Илимлер академиясының бир жыллык курсын айрықша баҳалар менен питкереди. Академияны питкерип келгеннен соң Қарақалпақстан АССРының прокуроры болып ислейди.
Халқына ислеген хызметлери әдил баҳаланып, ол ҳүкиметимиз тәрепинен бир неше орден, медальлар менен сыйлықланған. 1975-жылы 14-ноябрьде Дәўимшар Ожраевқа “Өзбекстан ССРына мийнети сиңген юрист” атағы берилген.
Әлбетте, өмиринше халыққа ҳадал хызмет етип келген бул әжайып инсанның исмин көкке көтериў-биз ушын уллы мәртебе. Д.Ожраевтай инсанлар бар екен, олардың исмин тиллерде дәстан етсек арзыйды.
Ағаларымыздың исмлери тарийх бетлеринде қалды. Олардан Асқар Мәмбетназаров 25 жыл даўамында Қоңырат районы, Нөкис қаласы ҳәм Кегейли районы прокуроры лаўазымларында минсиз хызмет етти.
Асқар Мәмбетназаровқа “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист ”ҳүрметли атағы берилди. Ол бир неше ҳүкиметлик орден ҳәм медальлар менен де сыйлықланған.
Сондай-ақ, 1951-жылы ҚҚАССР прокуратура уйымларына стажер тергеўшиси етип қабыл етилген Қалмурат Алламуратов та халқы ушын жанын пидә еткен инсанлардың бири еди. Ол да өмиринде көплеген ийгиликли ислер ислеп, изинде жақсы ат қалдырып кетти. Жоқары мағлыўматлы юрист перзент тәрбиялап, камалға келтирди. Республикаға белгили адвокат Максим Алламуратов әке жолын даўам етпекте.
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы, бир қанша медаль ҳәм орденлер менен сыйлықланған Қ. Алламуратовқа 1975-жылы “ӨзССРға ҳәм ҚҚАССР ға мийнети сиңген юрист” ҳүрметли атақлары берилген.
Әлбетте, бул ел басшылары тәрепинен Қ. Алламуратовтың узак жыллар ҳуқық қорғаў уйымларында хадал хызмет етип, өз кәсибине болған садықлығының жоқары баҳаланыўы десек асыра айтқан болмаймыз.
Ветеран ақсақалымыздан бири Салаўат Уразов усаған кеўили таза кишипейил, әдилликти сүйиўши инсанлар ҳаққында қаншадан-қанша мақала, очерк ҳәттеки, китап жазсаң да көплик етпес еди. Әттең, сум әжел бул әжайып инсанды пайғамбар жасында арамыздан алып кетти.
Ол 1983-1986-жыллар аралығында Қарақалпақстан Республикасы прокуроры болды. Оның ислеген мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист” атагы берилди. Әдиллик аға кеңесшиси С.Уразов күшли юрист, өз кәсибиниң ҳақыйқый маманы еди. Соның ушын да ол бир неше жыллар даўамында ҳуқық қорғаў уйымларының тийкарғы басшы лаўазымларында ислеген.
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист, әдиллик аға кеңесшиси Марқабай Елмуратов та прокуратура уйымларында 25 жылдан аслам ўақыт ҳадал хызмет етти. М.Елмуратов 1993-1995-жыллары Қарақалпақстан Республикасы прокуроры болды. Ол да өзиниң кишипейиллиги, адамгершилиги, инсаныйлығы менен ел-журтының нәзерине түскен инсанлардан бири еди.
Инсан өмири жыллар менен өлшенеди, ислеген ислери менен қәдирленеди. Ал, инсанның ислеп кеткен хызмети, үлги боларлықтай ислери ол арамыздан кетсе де изде қалған избасарларының қәлбинде мәңги жасай береди. Оның өлшеми жоқ. Урыс ҳәм мийнет ветраны, бир қанша медаль ҳәм орденлердиң ийеси әдиллик кеңесшиси Тәжимурат Халмуратов 1948-жылдан баслап өмириниң акырына шекем ҳуқық қорғаў уйымларында түрли лаўазымларда узақ жыллар жемисли мийнет етип, республикамызда нызамлылықты беккемлеўде, жынаятшылыққа қарсы гүрес алып барыў ислерин шөлкемлестириўде, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўда прокуратура уйымларына мүнәсип, өз исине садық шәкиртлер таярлаўда өзиниң салмақлы үлесин қосып, ҳүкиметимиз тәрепинен “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист” атағы, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң “Ҳүрмет жарлығы”на миясар болды.
Урыс ҳәм мийнет ветераны, екинши жер жүзилик урыс орденлериниң ийеси. “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист” әдиллик кеңесшиси, үлкен устаз Сапарбай аға Доспановтың жүрип өткен өмир жолы да ҳәммеге өрнек болары сөзсиз, Мойнақ диярында Аралдың сары сазанларын, сүўен, ылақаларын жеп, кең жазықлықта бойын жазып еркин өскен бир әпиўайы шарақтың баласы Төлеген Сарсенов та 1974-1979-жыллары Қоңырат районында прокурор, 1979-1987-жыллары Қоңырат районы прокурорының жәрдемшиси, 1987-1989-жыллары Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының тергеў бөлими прокуроры болып ислеп келип, усы жерден мийнет дем алысына шыққан.
Ҳуқық қорғаў уйымларының ҳүрметли ветераны, узақ жыллар Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы уйымы ветеранларын қоллап-қуўатлаў бөлиминиң баслығы болып ислеген, бир қанша шәкиртлердиң устазы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист Нажен аға Қанназаров жумыс ислеп жүрип, 1959-1965 –жыллары Ташкент Мәмлекетлик университетиниң юридика факультетин оқып питкереди.
Өзиниң жумысты ўақтында ҳәм дурыс ислеўи, сулыў қол жазбасы менен көзге түскен Нажен аға жаслайынан өмирде өз орнын табыўға ерискен. Ол Қараөзек районы ҳәм Нөкис қаласы прокуроры ҳәм тағыбасқа да лаўазымларда ислеген.
Сондай-ақ, мийнет ветеранлары Сейилхан Базарбаев, Минайдар Ильясов, Комекбай Есиркепов, урыс ветераны Жалғас Қалилаев, Нурылла Абдуллаев, Қиятбай Джуманазаров, Аскербай Уразбаев, Махсетбай Халмуратов, Ислам Нуратдинов, Ҳакимбай Халимов, Музаффар Қурбанбаевларды терең ҳүрмет пенен еске аламыз.
Бүгин биз, 9-май еслеў ҳәм қәдирлеў күнинде бәрше марҳумларды ҳүрмет пенен еске алып, о дүньяңыз абат, руўхларыңыз шад болсын, деп дуўалар етемиз.
Миясар КАБУЛОВА,
журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги