Елимизде бүгинги тыныш ҳәм абадан турмыс ушын жанын пидә еткен мәрт Ўатанласларымыздың руўхын шад етиў, ветеранларға жоқары ҳүрмет көрсетиў жақсы дәстүрге айланған.

Екинши жер жүзилик урыста мәртлик ҳәм пидайылық көрсеткен теберик инсанлардан хабар алып, олардың дуўасын алыў ҳәр бир жас әўлад ушын үлкен қуўаныш.

Жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасындағы басланғыш шөлкеминиң сәрдарлары ҳәм жетекшилери  биргеликте екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы, Нөкис қаласындағы «Әмиўдәрья» МПЖда жасаўшы Қәдирбай ата Нармановтың шаңарағына барып, оның жағдайынан хабар алды ҳәм байрам мүнәсибети менен алып келген саўғаларын тапсырды.

96 жасты қарсы алған ата  қанлы урыс жылларын, урыста қайтыс болған қуралласларын еслеп, бүгинги ашық аспанымыз, абадан турмысмызға шүкиршилик келтирди.

Елимиздиң қәўипсизлиги жолында шегараларымызда сергек турған Ўатан перзентлерине пәтиясын берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги