Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде 5-май күни усы жыл январь-апрель айларындағы жумысларының жуўмақлары ҳәм болажақ илажлар бойынша брифинг шөлкемлестирилди.

Атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимиздиң миллий мәплерин алға қойыў, өз-ара пайдалы халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, Орайлық Азияны турақлылық, қәўипсизлик ҳәм раўажланыў регионына айландырыўға қаратылған избе-из, терең ойланған сыртқы сиясат жедел даўам еттирилди.

Министрлик басшыларынан ибарат делегация ҒМДА Сыртқы ислер министрлери кеңеси, «Азия жүреги – Стамбул процеси» форумы мәжилисинде, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ сыртқы сиясат уйымлары басшыларының «С5+1» форматындағы ушырасыўында қатнасты. Буннан тысқары, Беларусь, Алжир, Латвия, Польша, Португалия, Россия, Франция, Қытай, Швеция, Иран ҳәм Қатар сыртқы сиясий уйымлары менен мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Сыртқы ислер министрлиги БМШ Балалар қоры (ЮНИСЕФ) ҳәм Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми менен биргеликте COVAX механизми шеңберинде мәмлекетимизге 660 мың доза COVID-19ға қарсы вакцинаның алып келиниў мәселесин көрип шықты.

Пандемия барлық тараўларға, соның ишинде, дипломатиялық жумысқа да белгили дәрежеде тәсир етти. Соған қарамастан, министрликлер ҳәм мәмлекетимиздиң дипломатиялық миссиялары тәрепинен халықаралық бирге ислесиў пәтин сақлап қалыў және арттырыўға ерисилди. Атап айтқанда, министрликлер ҳәм мәмлекетимиздиң дипломатиялық ўәкилханаларының ис-ҳәрекети менен тармақ кәрханаларының тығыз бирге ислесиўи нәтийжесинде улыўма баҳасы 314,5 миллион АҚШ долларына тең 367 экспорт шәртанамасына қол қойылды. Нәтийжеде мәмлекетимиздиң экспорт көлеми 2020-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 32 процентке өсип, 2 миллиард 250 миллион АҚШ долларын қурады.

Атап өтилиўинше, быйылғы жылдың төрт айында 6 мың 673 Өзбекстан пуқарасына сырт елге шығыў ушын биометриялық паспортлар рәсмийлестирилген, сырт елде қыйын жағдайға түсип қалған дерлик 2 мың пуқараға консуллық-ҳуқықый жәрдем, 884 пуқараға финанслық жәрдем көрсетилген.

Илажда  сырт еллердеги ўатанласлар менен байланыс орнатыў, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған әҳмийетли өзгерислерди қоллап-қуўатлаў ушын олардың имканиятларын тартыў бойынша жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди. Өзбекстанның раўажланыўына үлес қосыў имканиятына ийе 484 ўатанласымызды өз ишине алған «Алтын дәптер» қәлиплестирилгени мәлим етилди.

Қәўипсиз, тәртипли ҳәм нызамлы мийнет миграциясы системасы шеңберинде 15 мың 747 Өзбекстан пуқарасы сырт елде жумысқа жайластырылды.

– Мәмлекетлик шегаралардың жабық болыўына қарамастан дипломатларымыз сырт елли бирге ислесиўшилер менен бирге Өзбекстан пуқараларын сырт елде жумыс пенен тәмийинлеў мәселесин шешип киятырғанын атап өтиў керек. Мысал ретинде күни кеше пандемия шараятында мәўсимлик жумысларда ўақтынша мийнет етиўин әмелге асырыў ушын 63 Өзбекстан пуқарасы Корея Республикасына «Е-8» визасы менен жөнеп кетти, – деди Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хаткери Юсуф Қобулжонов.

Сырт елдеги Өзбекстан пуқараларына мәлимлеме-түсиник жумыслары жедел алып барылмақта. Өзбекстан Республиксының дипломатиялық ҳәм консуллық мәкемелери тәрепинен 2 мың 253 ҳәр қыйлы илаж, соның ишинде, презентациялар, ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер өткерилди.

Брифингте министрлик ҳәм Өзбекстанның сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларына пуқаралардан 68 мыңнан аслам мүрәжат келип түскени, 30 мыңнан аслам сырт ел пуқарасына мәмлекетимизге кириў визаларының рәсмийлестирилгени мәлим етилди.

Илажда Сыртқы ислер министрлиги ҳәм мәмлекетимиздиң сырт елдеги ўәкилханалары тәрепинен быйылғы жылдың май-июнь айларында режелестирилген илажлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы