Ислам Кәримов атындағы «Ташкент» халықаралық аэропортында алтыншы «Boeing-787 Dreamliner» самолётын салтанатлы түрде күтип алды. Усы мүнәсибет пенен «Арзыў кемеси»нде Арал теңизи регионы ушын алып келинген социаллық жүклерди жеткерип бериўге бағышланған илаж болып өтти.
Онда «Uzbekistan Airways» АЖ басшылары ҳәм хызметкерлери, ғалаба хабар қураллары және түрли уйымлардың жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм мийманлар қатнасты. «Dreamliner» бәрқулла, бәринен бурын, жолаўшыларға қолайлылық жаратыўға итибар қаратқан. Оның «Арзыў лайнери» деп аталыўынан да аңлаў қыйын емес, сонлықтан модельдеги тийкарғы инновациялық идеялар двигатель ҳәм шассидағы шауқымды илажы барынша азайтыўға қаратылған.
Өзбекстан Миллий авиатасыўшысы 2016-жылдың август айынан баслап «Boeing-787 Dreamliner» самолётының Орайлық Азиядағы биринши буйыртпашыларынан бири сыпатында бул ҳаўа кемесиниң коммерциялық эксплуатациясын баслағанлығын айрықша атап өтиў зәрүр. Усы маркадағы екинши самолёт 2016-жыл ноябрь айында, үшиншиси болса 2018-жыл май айында авиакомпания паркин толықтырған еди.
Елимиз және авиакомпания басшылары тәрепинен 2019-жылдың апрель айында төртинши ҳәм июль айында бесинши «Dreamliner» да мүнәсип түрде күтип алынды.
Бул самолёт салонында өзиңизди биринши минутлардан-ақ үйиңиздегидей сезине баслайсыз. Әсиресе, киреберистеги өзине тән кеңлик дәрҳал итибарыңызды тартады, себеби бул жерде кең холл жолыўшылардың тығылысып қалыўының алдын алады. «Dreamliner» ислеп шығарыўшылары самолёттың ишки орталығы ҳәм дизайнине де айрықша итибар менен қараған. «SkyInterior» арнаўлы жақтыландырыў системасы «Арзыў лайнери»ниң парўаз басқышынан келип шыққан ҳалда салонның реңин өзгерте алыў имканиятына ийе. Ҳәттеки бир түрдеги жақтылық пайда етиў ушын иллюминатор айналарының реңи де автоматикалық түрде қараяды.
Пәрўаз даўамында салондағы ҳаўа ығаллығын қадағалаўшы микроклимат системасы ислеп турады.
«Boeing» корпорациясы ҳәм «Uzbekistan airways» авиакомпаниясы арасында социаллық жәрдем жеткерип бериў бойынша бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде усы лайнерде елимизге социаллық жәрдемниң үшинши партиясы да алып келинди.
Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ушын жиберилген бул гуманитарлық жәрдем жүги Арал теңизи регионына жеткерип бериледи. «Project C.U.R.E.» (Commission on Urgent Relief and Equipment) тәрепинен жиберилген бул жәрдемниң улыўма баҳасы 100 000 АҚШ долларын қурайды.
«Uzbekistan Airways» АЖ басқарма баслығы Илҳом Маҳкамов авиакомпания ҳәм «Boeing» корпорациясы арасындағы узақ мүддетли өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жоқары дәрежесине пуқаралық авиациясы тараўындағы биргеликтеги жойбарларды мәмлекетимиз ҳүкимети тәрепинен қоллап-қуўатланып атырғаны нәтийжесинде ерисилгенин және бул бирге ислесиў буннан кейин де нәтийжели даўам ететуғынын атап өтти.
Шуҳрат НЕЪМАТОВ,
ӨзАның хабаршысы