Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик минисрлигинде пуқаралар ушын «Ашық есиклер күни» өткерилди.

Бундағы тийкарғы мақсет халықты қыйнап жүрген машқалалар менен мәселелерди нызам шеңберинде үйренип, тийисли ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў ҳәм алдағы ўақытлары халықтың мүрәжатларынан келип шыққан ҳалда, жумысларды буннан былай нәтийжели шөлкемлестириў, сондай-ақ, көбирек мүрәжат етилген мәселелерге қарап усы тараўда  мәнзилли
ҳәм предметли ҳуқықый үгит-нәсият илажларын алып барыў,
кең жәмийетшилик арасында тарқатпа ҳуқықый материалларды инфографика, флаер, буклетлерди таярлаў
ҳәм тарқатыў илажларын көриў болып есапланады.

-Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2018-жыл
13-апрель күни тастыйықланған Әдиллик министрлиги ҳаққындағы Режеге муўапық, министрликке пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери
менен нызамлы мәплерин ҳуқықый жақтан қорғаў бойынша илажларды әмелге асырыў ўазыйпасы жүкленген, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик минисрлигиниң бас мәсләҳәтшиси Әбиўбәкир Отарбаев. – Министрлик тәрепинен ҳәр айда «Ашық есиклер күни» өткерилип, онда пуқаралар басшыларға тиккелей ҳәм иркинишсиз мүрәжат етиўи ушын зәрүр шәраятлар жаратылған.

Илаж даўамында пуқаралардан 20 дан аслам мүражатлар келип түсип, олар тийкарынан бәнтлик, жумысқа қайта тиклеў, социаллық напақа алыў, мийнет  ҳақысын өндириў, турақ жай ушын компенсация өндириў, алимент алыўда жәрдем бериў сыяқлы мәселелер болып, олар мәмлекетлик уйымлар ҳәм тийисли тараў қәнигелери  тәрепинен белгиленген тәртипте нызам шеңберинде көрип шығылып, пуқараларға ҳуқықый түсиниклер берилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы