Өткен әсирдеги қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллериниң бири Жолмурза Аймурзаев 1910-жылы Шымбай районында туўылды.
Дәслеп интернатта тәрбияланған ол Шымбай районында орта мектепте билим алды. 1927-1932-жыллары Төрткүлдеги педагогикалық техникумында, 1935-1939-жыллары Москвадағы А.В.Луначарский атындағы көркем өнер институтында оқыды. 1942-жылға шекем Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери болып ислейди.
Шайырдың биринши қосығы 1927-жылы баспасөзде жәрияланды. Сол жыллары оның «Гүрес», «Гүресте жеңдик» деп аталған дәслепки поэмалары жарық көрди. Драматургия тараўында 1933-жылы «Ҳәкислилер», 1939-жылы «Өз таяғы өзине» пъесаларын жазды ҳәм сахнада қойылды. 1940-жылы «Қарақалпақстан әдебияты ҳәм искусствосы» журналының 1941-жылы биринши санында жазыўшының «Қуўат» повести басылып шықты.
Жазыўшы екинши жәҳән урысына қатнасты. Урыс жылларындағы қанлы саўашлар, әскерлеримиздиң ерликлери, халқымыздың басына түскен қайғылы ўақыялар жазыўшының келешектеги шығармаларының тийкарғы мазмунын қурады. Атап айтқанда усы жыллары «Мениң жолдасларым» поэмасын, «Арал қызы», «Лейтенант Елмуратов», «Коля» атлы пъесаларын дөретти.
Урыстан кейинги жыллары Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан ҳүжжетли ҳәм илимий фильмлер студиясының Қарақалпақстан филиалын басқарады.
Ж.Аймурзаевтың «Келин» гүрриңи, «Әмиўдәрья бойында», «Қызкеткен», «Мухаббатым адамлар» романлары көпшиликке жақыннан таныс. Сонлықтан да ол қарақалпақ әдебиятында биринши роман дөретиўшилерден есапланады. Жазыўшы-драматургтиң «Айгүл-Абат» (1946-1952), «Бердақ» (1958-1977) «Қәдирдан доктор» (1960) «Рәўшан» (1956) «Шеберханның шырмаўығы» (1964) «Бахыт булағы» (1967) пьесаларытеатр сахналарында қойылды.
Жазыўшының «Ҳәкислилер» (1934), «Қосықлар» (1935, 1936, 1938), «Уллы Ўатан қосығы» (1939), «Тасқын» (1946), «Мениң батырларым» (1949), «Қаҳарманлық гүреске» (1942), «Шайыр сөзи» (1949), «Жас әўладларға» (1951), «Данқлы дослар» (1954), «Айдын жолда» (1951), «Әмиўдәрья бойында» (1958), «Жетимниң жүреги» (1967), «Қызкеткен» (1972), «Өмир шайдасыман» (1976), «Жетпис тоғызыншы бәҳәр» (1989), «Жолмурза Аймурзаев шығармалары. 1-том» (1961), «Жолмурза Аймурзаев шығармалары. 2-том» (1962) ҳәм басқа да шығармалары китап болып басылып шықты.
Оның бир қанша шығармалары көплеген тиллерге аўдарылған.
Жазыўшы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери» ҳүрметли атақлары, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. «Айгүл-Абат» пъесасы ушын Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты болды Ол 1934-жылдан бери Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы болып табылады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы