Қанлыкөл районында жасаўшы 32 жасар А.О.ның үйиниң алдында турған қамыс пресс үстинде шөлкемлестирилген зыяпат аянышлы жуўмақланды.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў департаменти мәлим етти.
Усы жылдың 26-апрелинен 27-апрелине өтер кешеси саат 00:30 лар шамасында 32 жасар А.О. таныслары 32 жасар К.Б., У.К., ҳәм 26 жасар Б.Қ. менен биргеликте спиртли ишимликлер ишип отырады. Мәс ҳалында Б.К. менен жәнжеллесип қалып, оның жүзине ҳәм денесиниң түрли жерлерине урғанлығы ақыбетинде ҳәдийсе орнында қайтыс болады.
Бул жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасы тәрепинен А.О.ның қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 104-статьясы 3-бөлими «д» бәнти (қастан денеге аўыр жарақат жеткериў, жәбирлениўшиниң өлимине себеп болса) менен жынаят иси қозғатылып, процессуал тәртипте усланды.
Ҳәзир тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы