Республикамызда жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын еле де жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў бойынша қабыл етилген «Жол картасы»дағы 30-бәнттиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша Тахтакөпир районында пуқараларды гезектеги көшпели қабыллаў өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының пуқаралық ислер бойынша орынбасары К.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы А.Нурлипесов, райондағы Тахтакөпир посёлкалық, Ғәрезсизлик, Айдын жол, Дәўир мәкан пуқаралар жыйынларының пуқараларын бүгинги күни қыйнап киятырған машқалалары бойынша қабыл етти.
Атап айтқанда, райондағы Ғәрезсизлик мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Турсынгүл Сапарова турақ жай мәселесинде мүрәжат етти. Өзи жумыссыз, үш перзенти менен турақ жайын атына өткере алмай атыр.Оған райондағы нотариал кеңсеге тийисли ҳүжжетлерди тапсырыў бойынша ҳуқықый мәсләҳәт берилди.
Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйынының турғыны Мухаббат Сейпуллаева өмирлик жолдасының тийисли мийнет ҳақысын өндирип бериў бойынша Шымбай районлар аралық суды қарарының Мәжбүрий орынлаў бюросының районлық бөлими тәрепинен орынланбай атырғанын билдирди. Оған да тийисли ҳуқықый жәрдем берилди.
Көшпели қабыллаў даўамында жәми 11 пуқара қабыл етилип, олардың мүрәжаты итибардан шетте қалмады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги