Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

1-сентябрь – Ғәрезсизлик күни елимиз ғәрезсизликке ерискен, дүнья картасында жаңа, ғәрезсиз ҳәм суверен мәмлекет – Өзбекистан Республикасы пайда болған, халқымыздың әсирлик арзыў-нийетлери әмелге асқан уллы тарийхый сәне болып, ел-халқымыз тәрепинен ең уллы, ең әзиз байрам сыпатында турақлы түрде үлкен шады-қуррамлық пенен белгиленип келинбекте.

Уллы ҳәм бийбаҳа жемис – ғәрезсизликтиң миллий раўажланыўымыз, бүгинги ҳәм келеси әўладлардың тәғдири, келешеги ушын шексиз әҳмийети жыллар өтиўи менен барған сайын артып бармақта. Өзбекистанның мәмлекетлик ғәрезсизлиги халқымыздың миллий мәплерин, тыныш ҳәм татыў турмысты тәмийинлеў, елимиздиң халықаралық көлемдеги абырой-мәртебесин арттырыўдың беккем тийкары болып келмекте.

Ўатанымыздың тарийхында улыўма жаңа бет ашқан Өзбекистан ғәрезсизлигиниң 26 жыллығын мүнәсип күтип алыў, ғәрезсизлик дәўиринде ерисип атырған табысларымызды және бир мәрте есап-санақ етип, ел-халқымызды жаңа шеклерге қарай руўхландырыў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссияның қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Республикалық комиссия бир ҳәпте мүддетте «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажларды және үгит-нәсият жумысларының бағдарламасын ислеп шықсын.

Усы бағдарлама 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының мазмун-мәнисинен келип шыға отырып, таярлансын.

Бул бағдарда төмендеги бағдарларға айрықша итибар қаратылсын:

«Уллы келешегимизди мәрт ҳәм жоқары мәртебели халқымыз бенен бирге қурамыз» деген принципке тийкарланып елимизди модернизациялаў, демократиялық реформаларды тереңлестириў, парламент ҳәм сиясий партиялардың ролин, мәмлекетлик басқарыў системасының сапасын ҳәм нәтийжесин буннан былай да арттырыў, пуқаралық жәмийети институтларының және ғалаба хабар қуралларының ролин күшейтиў арқалы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириўге қаратылған кең көлемли жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендириў;

«Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип тийкарында орынларда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен халық пенен ашық ҳәм нәтийжели пикирлесип барыў системасының жолға қойылғанына, буның нәтийжесинде пуқаралардың көплеген мүрәжатлары ҳәм машқалалары нызамлы шешилип атырғанына айрықша итибар қаратыў;

нызам үстинлигин тәмийинлеў, суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин беккемлеў, ишки ислер системасында ҳәм прокуратура уйымларында әмелге асырылып атырған негизги реформаларды тийкарғы темалардан бири сыпатында сәўлелендириў;

экономиканы буннан былай да раўажландырыў ҳәм либералластырыў, оның бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм жедел раўажландырыў, экономикада мәмлекеттиң қатнасыўын азайтыў, жеке меншиктиң ҳуқықын қорғаў ҳәм оның тийкарғы абыройын буннан былай да күшейтиў, киши бизнес ҳәм жеке меншиктиң раўажын хошаметлеў, аймақларды, район ҳәм қалаларды социаллық-экономикалық жақтан комплексли ҳәм тең салмақлы түрде раўажландырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў, еркин экономикалық зоналарды шөлкемлестириў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын сәўлелендириўге кең орын ҳәм әҳмийет бериў;

«Халық бай болса, мәмлекет те бай ҳәм қүдиретли болады» деген идея тийкарында халықты, әсиресе, жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў, шаңарақлық бизнес ҳәм жумысты үйге алып ислеўди, үй қапталы қыйтақ жер хожалығын раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар менен преференциялар жаратып бериў, банклер тәрепинен жеңилликли кредитлер ажыратыў, тийисли шөлкемлер арқалы зәрүр ресурслар жеткерип бериў системасының жолға қойылғанын анық мысаллар менен көрсетиў;

социаллық салада халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, оның реал дәраматларын избе-из арттырып барыў, социаллық қорғаў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, тәлим-тәрбия, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият, спорт салаларын раўажландырыў, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели алып барыўға қаратылған жумысларға айрықша итибар қаратыў;

қалаларымыз бенен аўылларымыздың келбети барған сайын ашылып атырғаны, халық ушын үлги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар ҳәм инфраструктуралық тармақларды қурыў, кексе әўлад ўәкиллерин, жас шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, электр энергиясы, таза ишимлик суўы ҳәм тәбийғый газ тәмийнатын жақсылаўға қаратылған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендириў;

«Руўхыйлық – ең тәсиршең ҳәм қүдиретли қуралымыз» деген принципке муўапық халықтың мәдений дәрежесин арттырыў, жаслардың арасында китапқумарлық, соның ишинде, электрон китапқумарлықты раўажландырыў, дөретиўши зиялылардың мийнетин мүнәсип хошаметлеў ҳәм олардың табысларын үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жумысларды кең түрде сәўлелендириў;

қолға киргизген барлық табысларымыздың тийкарғы факторы ҳәм өлшеми сыпатында биринши гезекте халқымыздың пидәкерлик мийнети, адамларымыздың, бәринен бурын, жасларымыздың дүньяқарасы, сиясий аңы ҳәм сана-сезими өзгерип, пуқаралық белсендилиги барған сайын күшейип атырғанын турмыслық дәлиллер ҳәм мысаллар арқалы талқылаў;

қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий руўхтағы сыртқы сиясатты жүргизиў арқалы мәмлекетимиз ғәрезсизлигин ҳәм суверенитетин беккемлеў, қоңсыларымыз бенен бәсекилесиў емес, ал бирге ислесиў, регионымыздағы машқалаларды биргеликте шешиў принципине тийкарланып әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың мазмун-мәнисин ашып бериў;

елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлықты-татыўлықты, шегараларымыздың қол қатылмаслығын сақлаў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын күшейтиў, дүнья көлеминде бәсекилик, қарама-қарсылық барған сайын реҳимсиз түс алып атырған, радикализм, терроризм, экстремизм, «ғалабалық мәденият» сыяқлы қәўиплер күшейип атырған қәўип-қәтерли заманда бәрқулла қырағы ҳәм сергек болып жасаў, мобилизациямызды буннан былай да арттырыў – бүгин турмыстың өзи талап етип атырған ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпамыз екенин кең жәмийетшиликке жеткериў.

  1. Республикалық комиссия тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятларда ҳәм Ташкент қаласында Ғәрезсизлик байрамына бағышлап халықтың кең қатламлары арасында ағартыўшылық ушырасыўлар, ашық пикирлесиўлер ҳәм сәўбетлесиўлер, әдебий-көркем кешелер, мәдений илажлар өткериў мақсетинде белгили илимпазлардан, дөретиўши зиялылардан ҳәм көркем өнер хызметкерлеринен ибарат руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў топарлары шөлкемлестирилсин ҳәм олардың анық реже тийкарында жумыс алып барыўы тәмийинленсин.
  2. Республикалық комиссия өз мәжилислеринде белгиленген илажлар орайда ҳәм орынларда қалай әмел асырылып атырғаны бойынша ҳәр бир аймақ, министрлик пенен ведомство басшыларының есапларын турақлы түрде тыңлап барсын.
  3. Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятларда ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын байрам бағдарламаларын таярлаўға көпшилик тамашалар бойынша жоқары шеберлик пенен тәжирийбеге ийе болған сценаристлер ҳәм режиссёрлар, жазыўшылар менен шайырлар, композиторлар ҳәм балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, фольклор көркем өнери ўәкиллеринен ибарат дөретиўшилик топарлар кеңнен тартылсын.
  4. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги Өзбекистан Жазыўшылар ҳәм Өзбекистан Композиторлар аўқамлары менен биргеликте елимиздиң ғәрезсизлигин жырлаўға қаратылған ең жақсы қосық ҳәм музыка шығармалары ушын «Жалғызсаң сен, муқаддес Ўатан!» республикалық таңлаўының жуўмақлаўшы басқышын өткерсин.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында жәриялансын.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети ҳәм Өзбекистан Композиторлар аўқамы менен биргеликте жас атқарыўшылардың арасында Өзбекистан Республикасы Президентиниң жас талантлар ушын «Ниҳол» сыйлығына талабанлардың республикалық таңлап алыў басқышын және жеңимпазлардың атқарыўындағы концерт бағдарламасын август айының биринши ярымында жоқары дәрежеде шөлкемлестирсин.
  2. Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги Өзбекистан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, Өзбекистан Көркем академиясы, «Тасвирий ойина» ассоциациясы ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер менен биргеликте «Ең уллы, ең әзиз», «Сени жырлаймыз, заманлас!», «Реңлер жылўасында –ана дияр», «Ўатан ушын жасайық!» сыяқлы дәстүрий таңлаўларды жоқары дәрежеде өткериўди тәмийинлесин.
  3. Өткерилетуғын байрам илажларының:

Қарақалпақстан Республикасында ҳәм ўәлаятларда жергиликли бюджетлер ҳәм қәўендерлик жәрдемлери есабынан;

Ташкент қаласында Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджет қаржылары есабынан тең үлеслерде қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлигине, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясына, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлигине, «Жаҳон» мәлимлеме агентлигине ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы  Президенти                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 27-июнь