Министрлер Кабинети қарары менен 18 түрдеги халықаралық имтихан системасы бойынша жоқары балл (дәреже) топлаған жаслардың имтихан тапсырыў қәрежетлери толық қаплап бериледи.
«Раўажланыў стратегиясы» орайының хабарына бола, 2021-жыл 1-майдан баслап:
5 түрдеги – IELTS, TOEFL, GRE, GMAT, SAT халықаралық имтихан системаларынан жоқары балл алғанларға имтихан тапсырыў қәрежетлери қаплап бериледи.
2022-жыл 1-январьдан баслап инглис, немис, француз, испан, итальян, түрк, корейс, япон, қытай, араб, рус сыяқлы шет тиллер бойынша имтиханларда ең жоқары балл топлағанларға имтихан қәрежетлери төлеп бериледи.
ӨзА