Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди – елимиздеги барлық журналистлер, газета ҳәм журналлар, телерадиоканаллар, баспа ҳәм полиграфия кәрханалары пидайыларын, ҳүрметли нураныйларды Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен шын жүрегимнен қутлықлап, сизлерге өзимниң терең ҳүрмет-иззетимди, жақсы тилеклеримди билдириўге руқсат бергейсиз.

Күнделикли турмысымыздың ажыралмас бөлеги болған ғалаба хабар қураллары ҳаққында сөз еткенде, биз, бәринен бурын, бәрқулла жаңалық излеп, жаңалыққа умтылып, турмыстың қайнап турған орынларына кирип баратуғын, қалыслық ҳәм туўры сөзлик, Ўатан ҳәм халық мәплерин биринши орынға қоятуғын жоқары мәртебели ҳәм жуўапкершиликли кәсип ийелерин көз алдымызға келтиремиз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Пүткил елимиз қатары Өзбекистан ғалаба хабар қураллары да ғәрезсизлик жылларында үлкен раўажланыў жолын басып өткенин ҳәммемиз жақсы билемиз ҳәм бундай табыслар менен ҳақылы түрде мақтанамыз.

Ҳәзирги күнде республикамызда 1500 ден аслам ғалаба хабар қураллары жумыс алып бармақта. Бир ғана Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы қурамындағы телеканаллардың бир сутка даўамындағы улыўма эфир ўақты 616 саатты қурамақта. Ғәрезсизликтен алдын бул сан тек ғана 48 саатқа тең еди.

Итибарға ылайық тәрепи сонда, ғалаба хабар қуралларының қурамы да түп-тийкарынан өзгерип бармақта. Буны елимиздеги барлық телеканаллардың дерлик 53 проценти, радиоканаллардың болса, 85 проценти мәмлекетлик емес ғалаба хабар қураллары екени де тастыйықлайды. Жақын күнлерде жумыс баслайтуғын, күни-түни үзликсиз жумыс алып баратуғын «O’zbekiston-24» телеканалы миллий мәлимлеме мәканында өзиниң мүнәсип орнын ҳәм тамашагөйлерин табады, деп исенемиз.

Бул ҳаққында сөз еткенде, ең оператив мәлимлеме қуралы – Интернет турмысымызға барған сайын терең кирип атырғанын айрықша атап өтиў орынлы. Ҳәзирги ўақытта глобал тармақта Uz доменли веб-сайтлардың, мәлимлеме порталларының саны 400 ден артып кеткени, олардың көпшилиги шет тиллерде жумыс ислеп атырғаны, усы бағдарда жаңа дөретиўши әўлад – Интернет журналистлериниң қәлиплесип атырғаны итибарға ылайық.

Әлбетте, бундай нәтийжелерге ерисиўде ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў мәселеси мәмлекетимиздиң ҳәм жәмийетимиздиң турақлы дыққат орайында болып киятырғаны шешиўши роль атқармақта. Әне, усындай итибар себепли өткен дәўирде журналистлеримиз жумыс майданын кеңейтиў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мақсетинде көплеген жумыслар исленди. Соның ишинде, баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларын либералластырыў ҳәм раўажландырыў, сөз еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған, демократиялық талапларға ҳәм стандартларға толық жуўап беретуғын 10 ға шамалас нызам ҳүжжети қабыл етилип, бул бағдарда беккем ҳуқықый база жаратылды.

Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, Миллий баспасөз орайы, Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, Бийғәрез баспа ғалаба хабар қураллары менен мәлимлеме агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды сыяқлы шөлкемлер табыслы жумыс алып бармақта. Соңғы пайытта олардың қатарына Халықаралық пресс-клуб та қосылды.

Сиз, әзизлерге жақсы мәлим, бүгинги күнде елимизде китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў мәселелесине үлкен әҳмийет берилмекте. Бундай әҳмийетли ўазыйпаны әмелге асырыў ушын елимизде 118 баспа, 1 мың 760 баспахана кәрханасы, мыңлаған дөретиўшилик ҳәм техникалық хызметкерлер жумыс алып бармақта. Олардың ис-ҳәрекетлери менен ҳәр жылы 7 тилде  60 миллион нусқадан аслам китап басып шығарылмақта.

Әлбетте, бул ҳаққында көп сөз етиўимиз мүмкин. Бирақ, әне, усы муғдар көрсеткишлерин сапа көрсеткишлерине айландырыў, усы тийкарда ғалаба хабар қуралларының ҳақыйқый төртинши ҳәкимият болып қәлиплеиўине ерисиў, миллий медиа майданымызда пикирлер менен көзқараслардың рәң-бәреңлигин тәмийинлеў бүгинги күнде әҳмийетли ўазыйпа болып атырғанын ҳәммемиз жақсы түсинемиз.

Бул бағдарда 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында ең әҳмийетли тийкарғы бағдарлардың белгилеп берилгени сизлерге жақсы белгили, әлбетте.

Халық пенен пикирлесиў, адамлардың арзыў-умтылыслары, дәрти ҳәм тәшўишлери менен жасаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип атырған бүгинги күнде ҳәр бир ғалаба хабар қуралы шын мәнисиндеги пикирлесиў майданшасына, еркин пикир минберине айланғанда ғана биз өз алдымызға қойған мақсетлерге ерисе аламыз.

Әсиресе, турмысымызда ушырасатуғын машқалаларды, орынларда шөлкемлестирилген Президенттиң Халық қабыллаўханаларында ҳәм Виртуал қабыллаўханада халық тәрепинен көтерилип атырған өткир ҳәм тийкарғы мәселелерди, олардың себеплерин ҳәм факторларын ашып бериў, жәмийетимизде сын ҳәм өзин-өзи сынға алыў руўхын күшейтиў, тилекке қарсы, ғалаба хабар қуралларының жумысында елеге шекем толық өз сәўлелениўин тапқан жоқ.

Бүгин заман тез пәт пенен өзгермекте. Турмыс ҳәммемизден исенимли ҳәрекетлерди, белсенди басламаларды, барлық салада исенимли ҳәм әдил мүнәсибетти талап етпекте. Көпти көрген, сабыр-тақатлы, мийнеткеш ҳәм жоқары мәртебели халқымыз әмелге асырып атырған әне, усындай әҳмийетли өзгерислердиң нәтийжесин күтпекте.

Ел-журтымыздың жақсы арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў, бул жолдағы ҳәр қыйлы тосқынлықларды, бюрократизм, итибарсызлық, дәмегөйлик, коррупция сыяқлы унамсыз иллетлерди исенимлилик пенен көтерип шығып, оларға қарсы аяўсыз жәмийетшилик пикирин қәлиплестириўди өз кәсибиниң, өз өмириниң мазмун-мәниси деп билетуғын журналистлерди мен ҳақыйқый журналист, деп есаплайман.

Әлбетте, ҳәммемиз жақсы түсинемиз, бул ушын ғалаба хабар қураллары ўәкиллеринен тек ғана профессионал билим менен маманлық емес, ал, турмыслық тәжирийбе, өз сөзи ушын жуўапкершилик сезими, әйне пайытта жоқары гражданлық позициясы, руўхый жигерлилик те талап етиледи. Бундай мақсетке ерисиў ушын ғалаба хабар қуралларына нызамшылық көзқарасынан, материалық-техникалық, оқыў-методикалық тәмийнат көз-қарасынан буннан былай да кең имканиятлар жаратып бериўимиз керек.

Заманагөй миллий журналистика мектебин жаратыў көп тәреплеме, бәринен бурын, жоқары руўхый-интелектуаллық потенциалға ийе болған, бүгинги күнниң талапларына жуўап беретуғын жоқары маманлықтағы кадрларды тәрбиялаў менен тығыз байланыслы. Бул әҳмийетли ўазыйпаны әмелге асырыў ушын биз дәслеп тийисли жоқары оқыў орынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, билимлендириў стандартларын ҳәм оқыў бағдарламаларын жетилистириў, профессор-оқытыўшылардың дәрежесин ҳәм маманлығын арттырыў, салаға мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен тартыў, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралық институтлары, экспертлер жәмийетшилиги, шет ел ҳәм халықаралық дөретиўшилик шөлкемлер менен бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиўимиз зәрүр.

Бүгин Өзбекистан барлық салаларда раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қоймақта. Алдымызда турған, бир-биринен әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпаларды шешиўде, елимизде тынышлықты-татыўлықты, өз-ара аўызбиршилик орталығын буннан былай да беккемлеў, халқымыздың дөретиўшилик потенциалын, оның өз күшине, ертеңги күнге болған исенимин арттырыў, турмысымызда нызам ҳәм әдалаттың үстинлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик ведомстволар жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, бир сөз бенен айтқанда, халық мәпиниң шын мәнисиндеги қоғаўшысы болыўда ғалаба хабар қураллары буннан былай да белсенди ҳәрекет алып барады, деп исенемен.

Мен сиз, ҳүрметли баспасөз тараўы хызметкерлериниң турмысымызды буннан былай да еркин ҳәм абадан етиў ушын бәрҳама пидайылық көрсетип жасайтуғыныңызды жақсы билемен ҳәм сизлерди усы жолда өзимниң ең жақын шериклерим ҳәм жәрдемшилерим деп есаплайман. Сизлердиң машақатлы ҳәм жуўапкершиликли мийнетиңиз өзиниң мүнәсип баҳасын табыўы, буннан былай да нәтийжели болыўы ушын мәмлекетимиздиң ҳәм жәмийетимиздиң барлық күшлери менен иканиятларын жумсаймыз, әлбетте.

Әзиз ҳәм ҳүрметли дослар!

Ҳәммеңизди бүгинги кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте шын жүрегимнен қутлықлап, сизлерге саў-саламатлық, жоқары мәртебели жумысыңызда әўмет ҳәм табыслар, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Бәрқулла аман-есен болың, әзизлер!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекистан Республикасы Президенти