Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар қатарында мәҳәлле институты жумысларын жетилистириўге айырықша итибар берилип, алып барылып атырған жумысларды жаңа басқышқа көтериўде, аймақлардың социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўда, халықтың мәмлекеттен разы болып жасаўында пуқаралар жыйынларының белсендилигин арттырыў айырықша әҳмийетке ийе болмақта.

Мәҳәлледеги жасы үлкен кекселеримиз, ата-аналарымыз, қоңсы-қобаларымыз бенен болған қарым-қатнас арқалы ҳәр биримиздиң турмысымызда, тәрбия, адамгершилик, мийрим-шәпәәт сыяқлы пазыйлетлер қәлиплескен ҳәм усы орталықта миллий қәдириятлымыз, дәстүрлеримиз сақланып келмекте.

Бүгинги күнде республикамызда 416 пуқаралар жыйыны болып, халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, жәмийетте шаңарақтың әҳмийетин, орнын анық белгилеў, ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, ең әҳмийетлиси аймақларда социаллық-руўхый орталықты беккемлеўге қаратылған бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, қыйыншылықлар, кемшиликлер де ушырасып атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов пенен сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Өткен жылы бир-бирине жақын айырым тараўлар бир структураға бириктирилип Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги шөлкемлестирилген еди. Соннан берли бир жылдан сәл көбирек ўақыт өтти. Тараўда көп өзгерислер болып атырғанлығынан хабардармыз. Тараўдағы усы өзгерислердиң нәтийжелери нелерде көринбекте?

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл
18-февральдағы «Жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты саламатландырыў, мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен министрлигимиз шөлкемлестирилген болып, усы пәрман тийкарында «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципи тийкарында жумысларды алып барыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.

Пәрманға муўапық, министрлик шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм кекселерди қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен бирге ислесиўди орнатыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланады.

Усы пәрманда көрсетилген ўазыйпалар тийкарынан халықтың татыўлығын тәмийинлеў, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў, нуранийлардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў, мәҳәллени жынаятшылықтан тыс аймаққа айландырыўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ролин ҳәм абырайын және де беккемлеўге қаратылғаны менен де әҳмийетли болып есапланады.

2020-жылы жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша Бәнтликке көмеклесиў ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте ислеп шығылған бағдарлама тийкарында 53,8 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың, атап айтқанда, аўыр турмыс шараятына түсип қалған, жумыссыз 436 ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем берилди.

Ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў мақсетинде банклер тәрепинен 14264 ҳаял-қызға 573 млрд. 802 млн. сумнан артық кредитлер ажыратылыўына жәрдем берилди.

Дәслепки басқышта Қарақалпақстан Республикасында
100 аўыр турмыс шараятында жасап атырған ҳаял-қызға «Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли фонды» тәрепинен турақ  жай сатып алыўы ушын 1,5 млрд. сумнан аслам муғдарда басланғыш төлемлери төлеп берилди. Соның менен бирге, өткен жылдың ноябрь айында Қараөзек ҳәм Мойнақ районларынан турақ жайға мүтәж
15 ҳаял-қызға «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикалық бөлими тәрепинен 472 млн. 168 мың сум муғдарындағы турақ жайларының басланғыш төлемлери төлеп берилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-июнь күнги «Жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде ҳаял-қызларға таңлаўда қатнасыў ушын усыныс бериў ҳәм оларды оқыўға қабыл етиў тәртибин шөлкемлестириў бойынша Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында 53 қыз жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.

2020-жыл даўамында бирге ислесиўши уйымлар менен алып барылған жумыслар нәтийжесинде шаңарақлардағы ажырасыўлардың 216 ға азайыўына ерисилди.

Район (қала)лар бойынша 1160 ажырасыўға келип қалған шаңарақлар анықланып, 791 ажырасыў ҳалатларының алды алынып, жарастырылды. Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен жарастырылған ҳәр бир шаңарақтың кейинги жағдайының мониторинги алып барылмақта.

2021-жылдын 3 айы даўамында да «Мәҳәлле ақсақалы – реформатор» принципи тийкарында социаллық-экономикалық жағдайы аўыр аймақларда бир қатар илажлар алып барылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл октябрь айындағы Қарақалпақстан Республикасына  сапары даўамында
45 пуқаралар жыйынлары социаллық-экономикалық жағдайы аўыр аймақлар сыпатында қаралып, Президентимиздиң
2020-жыл 11-ноябрь күнги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына киргизилди. Бүгинги күнде бул пуқаралар жыйынларын раўажландырыў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылып, «Мәҳәлле кесиминде» жумыслар алып барылмақта.

Сондай-ақ, «Абат мәҳәлле», «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламалары тийкарында  34 пуқаралар жыйынларында кең көлемли абаданластырыў, көклемзарластырыў илажлары алып барылмақта.

Хабарыңыз бар, республикамызда кем тәмийинленген шанарақлар, ҳаял-қызлар, жаслар менен ислесиўде жаңаша система жолға қойылып, «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» бойынша жумыслар алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасында «Ҳаял-қызлар дәптери»не жәми 24519 ҳаял-қыз киргизилген болып болып, олар менен мәнзилли жумыс алып барылмақта. Усы жылдың 10-апрель ҳалатына жумысқа мүтәж ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсип-өнер үйрениўди қәлеген ҳаял-қызларды оқыў курсларына қамтыў, исбилерменлик пенен шуғылланыўды билдирген ҳаял-қызларға кредитлер ажыратлыўына жәрдемлесиў, материаллық, ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдемлер бериў бойынша жәми 15532 ҳаял-қызға әмелий жәрдем көрсетилди.

  • Усы күнге шекем дерлик барлық районларда, ҳәттеки Нөкис қаласында да айырым пуқаралар жыйынларының хызмет имаратына ийе емеслиги, шараятлары да жақсыланбағанлығы көпшиликке белгили. Усы кемшиликлерди сапластырыў бойынша режелериңиз бар ма?  

-Шынында да, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң қала ҳәм район бөлимлери жумысларында қыйыншылықлар, кемшиликлер де ушыраспақта.

Усы жылдың 31-март ҳалатына 416 пуқаралар жыйынларынан 275 и хызмет имаратына ийе емес, деп атап өтиўимизге болады.

Атап айтқанда, 75 пуқаралар жыйынлары кәрхана, шөлкемлерде, алтаўы қоңсы мәҳәлле имаратларында, алпыс төрти билимлендириў, денсаўлықты сақлаў мәкемелери имаратларында, бир жүз жигирма сегизи жергиликли ҳәкимлик балансындағы имаратларда жумыс алып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл апрель айында қала ҳәм районлар орайларында «Мәҳәлле орайы» имаратларының үлги жойбарлары ҳәм оларға қойылған талаплар тийкарында қурыў (реконструкциялаў) бойынша мәнзилли бағдарлама тастыйықланып, усындай кемшиликлерди басқышпа-басқыш сапластырыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Бағдарлама бойынша усы жылдың ақырына шекем Нөкис қаласы, Бозатаў, Тақыятас, Хожели, Шымбай, Беруний, Қанлыкөл, Төрткүл районларында «Мәҳәлле орайы» имаратының қурылыс жумысларын алып барыў режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытта Қоңырат, Мойнақ районларында реконструциялаў жумыслары әмелге асырылмақта. Әмиўдәрья ҳәм Кегейли районында қурылыс жумыслары тамамланып пайдаланыўға тапсырылды.

Усы жылы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-2022-жылларға мөлшерленген ҳәр бир мәҳәлледе пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комплекслерин шөлкемлестириў бойынша мәнзилли бағдарлама тастыйықланды.

2020-жылда мәнзилли бағдарлама бойынша жәми Қарақалпақстан Республикасында 47 пуқаралар жыйыны имараты қурылып пайдаланыўға тапсырылыўы керек болған болса, Нөкис қаласы (1), Беруний (2), Кегейли (2), Төрткүл (1), Елликқала (1), Қанлыкөл (1) районларында, жәми 8 мәҳәлле имараты қурылып пайдаланыўға тапсырылды.

Қалған 39 пуқаралар жыйынларының, атап айтқанда Нөкис қаласы (5), Әмиўдәрья (3), Беруний (3), Қанлыкөл (4), Қараөзек (5), Қоңырат (2), Мойнақ (2), Нөкис (3), Тақыятас (3), Хожели (3), Шымбай (2), Шоманай (3) ҳәм Елликқала (1) районларында қурылыс жумыслары даўам етпекте.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-октябрь күнги Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында республика бойынша 45 пуқаралар жыйынлары «Аўыр мәҳәлле» сыпатында баҳаланып, бул пуқаралар жыйынларының 14 иниң имаратлары авариялық жағдайда, 25 пуқаралар жыйынларының имаратлары реконструкция ислеўге зәрүрлиги бар екенлиги анықланды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 1-февральдағы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комплекслерин шөлкемлестириў бойынша 2021-2022-жылларға режелестирилген мәнзилли бағдарламаны тастыйықлаў бойынша қарары қабыл етилди.

2021-жыл даўамында 53 пуқаралар жыйынларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында, 48  пуқаралар жыйынларын жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан қурыў режелестирилген.

Ал, 2022-жылда болса 39 пуқаралар жыйыны мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында, 23 пуқаралар жыйыны жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан қурылыўы режелестирилген.

Сәўбетлескен:

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги