Қан қурамында қант муғдарының көбейиўи адамда турақлы аш болыў сезииминиң пайда болыўына алып келеди, деп жазады xs.uz сайты.

Бундай шешимге Уллы Британияның диетологлары өзлери өткерген изертлеў жуўмағында келди.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, организмде қант муғдары артқан адамлардың аўқатланыў аралығындағы тәнепислери басқаларға қарағанда бир қанша аз. Орташа олар қандағы қант машқаласы болмаған адамларға қарағанда 312 калория көбирек азық-аўқат өнимлерин пайдаланады.

Бундай адамлар ҳеш қандай себепсиз аш болыў сезимин сезе баслайды. Соның менен бирге, олар жылына тоғыз килограмм салмақ қосыўы мүмкин.

Илимпазлардың атап өтиўлеринше, ер адамлар қандағы қант муғдарының көтерилиўинен ҳаял-қызларға қарағанда көбирек қыйналады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги