Өзбекстан врачлар  ассоциациясының биринши баслығы, медицина илимлериниң докторы, профессор Абдулла Маткаримович Худайбергенов арамызда болғанында 2021-жыл 15-апрельде 85 жасқа киретуғын еди.

Абдулла Худайбергенов Төрткүл районында туўылған.

1959-жылы Ташкент мәмлекетлик медицина институтын қызыл диплом менен питкерип, Мойнақ районының емлеўханасында шыпакер-хирург, Қарақалпақстан Республикасы Республикалық емлеўханасының хирургия бөлиминиң баслығы, бас шыпакери, кейин ала Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри ҳәм Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри лаўазымларында жумыс ислеген. Еки шақырық Олий Мажлис депутаты болған.

А.Худайбергенов 1961-жылдан 1-санлы Республикалық емлеўхананың қан қуйыў бөлиминиң баслығы лаўазымларында иследи. Оның басшылығында бир топар хирурглар жетилисип шықты.

Нәтийжеде сол жыллары барлық қала ҳәм районның орайлық емлеўханаларында жетик қәнигелер менен тәмийинленген хирургия бөлимлери шөлкемлестирилди. Шыпакер жоқары категориялы хирург сыпатында бул емлеўханада, қала ҳәм районлардағы басқа да емлеўханаларда (қала ҳәм районларда) турақлы түрде хирургиялық операцияларда қатнасты.

Абдулла Худайбергенов 1976-жылы медицина илимлериниң кандидаты илимий дәрежесин алыў ушын диссертациясын Москва қаласында табыслы қорғады.

1968-жылы өзи ислеп атырған 1-санлы Республикалық емлеўханаға бас шыпакер етип тайынланды. Ол 1-санлы Республикалық емлеўханаға басшылық еткен жыллары республикада халыққа қәнигелестирилген хирургиялық жәрдем бериў ҳәм медициналық хызметти турақлы түрде жетилистириў, раўажландырыў мәселелерине итибар қаратты.

А.Худайбергенов 1976-жылдан 1981-жылға шекем Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри лаўазымында халқына ҳадал мийнет етти. Ол 1981-жылы Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри лаўазымына усыныс етилди.

А.Худайбергенов 1991-жылы медицина илимлериниң докторы болды, соннан кейин аз ўақыт өтпей оған профессор илимий атағы берилди.

Абдулла Маткаримович заман талабы менен үнлес жүретуғын, интакер илимпаз ҳәм шөлкемлестириўши еди. Абдулла ағаның басламасы менен 1992-жылы Өзбекстан врачлар ассоциациясы шөлкемлестирилди ҳәм 25 жыл даўамында профессор усы ассоциацияға басшылық етип, оны шеберлик пенен басқарды. Тынымсыз мийнети ҳәм шөлкемлестириўшилик шеберлигин иске салып, Өзбекстан врачлар ассоциациясының тек ғана республикамыздың мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерин емес, ал дүнья жүзиниң ҳәм Европа мәмлекетлериниң медицина ассоциациялары арасында ең абырайлы ассоциациялардан бирине айландырды.

Абдулла Худайбергенов пенен 26 жыл – 1991-2017-жыллары ол Өзбекстан Врачлар ассоциациясының баслығы, мен бул Ассоциацияның Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы болып бирге иследик.

Профессор А.М.Худайбергеновтың мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, мәмлекетимиздиң орденлери менен сыйлықланған. Абдулла Маткаримович шебер шөлкемлестириўши сыпатында жумыс алып барып, көпшиликке үлги болған.

Абдулла ағаның қызы Замира, улы Шухрат әкесиниң изин басып, Өзбекстан медицина системасында белсене мийнет етпекте.

Бүгинги күнде профессор Худайбергенов Абдулла Маткаримович баслаған ийгиликли ислер оның кәсиплеслери ҳәм шәкиртлери тәрепинен избе-из даўам еттирилмекте.

А.Мамбеткаримов,

Өзбекстан Врачлар ассоциациясы

Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы.

ӨзА