Усы жыл 9-10-апрель күнлери Тaшкент мәмлекетлик техника университетиниң Япон орайында робототехника тараӯындағы қәбилетли оқыӯшылар, студентлер, жас педагог ҳәм изертлеӯшилер және кәрханалардың жас қәнигелери ушын жәрияланған «РОБОТ-УЗ 2021» атамасындағы таңлаўдың Өзбекстан республикасы басқышы өткерилди.
Онда Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы студенти Жақсылық Дәўлетназаров 16-25 жас аралығындағы талабанлар менен беллесиӯге түсип, робототехника тараӯында өз қәбилетин сыннан өткерди. Бир неше кәрханалардың жас қәнигелери, педагоглары, изертлеӯшилери ҳәм қәбилетли студентлери арасынан Жақсылық Дәўлетназаров екинши орынды ийеледи.
– Филиалымызда студентлер ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Келешекте елимизде робототехника тараўын раўажландырыўға өз үлесимди қоспақшыман, – дейди таңлаў жеңимпазы Ж.Дәўлетназаров.
Таңлаӯ жеңимпазы 3 000 000 сум пул менен сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы