Қарақалпақcтан Республикасы судында «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасын кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, судлардың жумысында нуранийлардың тәжирийбесинен орынлы пайдаланыў, жас әўладқа тәрбиялық-ағартыўшылық сабақ бериўге бағышланған конференция болып өтти.

Өзбекстан Судьялары ассоциациясы Қарақалпақстан филиалы тәрепинен видеоконференцбайланыс тәризинде шөлкемлестирилген илажға Қарақалпақcтан Республикасы судының ҳәм Ҳәкимшилик судының судьялары, нуранийлар, қала ҳәм район судларының судлары қатнасты.

Конферецияны Қарақалпақcтан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Адилов кирис сөз бенен ашты. Буннан кейин Өзбекстан Судьялар ассоциациясының баслығы У.Мингбоев,  Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының баслығы Б.Досымбетов, Өзбекстан Судьялары ассоциациясы Қарақалпақстан филиалының ағзасы, суд нуранийи Б.Бегжанова Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-февральдағы «2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманының әҳмийети, судлардың жумысында нуранийлардың тәжирийбесинен кеңнен пайдаланыў, жас әўладқа тәрбиялық-ағартыўшылық сабақ бериўдиң әҳмийетине тоқтап өтти.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Президент пәрманы менен быйылғы жылға белгиленген бағдарламада нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаўдың тийкарғы бағдары белгилеп берилген. Бул бойынша әмелге асырылатуғын ўазыйпалар суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў, судтың абырайын арттырыў, суд системасын демократияластырыў ҳәм жетилистириў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўға қаратылғаны менен әҳмийетли.

Тараўда «Устаз-шәкирт» бағдарламасының жолға қойылғанлығы келешекте жетик судьяларды тәрбиялап шығарыўда, әдил қарар қабыл етиўде айрықша орын ийелейди. Айрықша атап өтиў керек, судьялық лаўазымына биринши мәрте сайланған жас судьяларға алдын усы тараўда жемисли мийнет еткен, мийнет жолы көпшиликке өрнек нураний судьялар устаз етип бириктирилип, олар көрилип атырған иске байланыслы нызамлы шешим қабыл етиўде өзлериниң бар билим және тәжирийбелерин аямай, жол-жоба көрсетип келмекте. Суд-ҳуқық тараўындағы реформалар, берилип атырған жеңиллик ҳәм қолайлықлар судьяларға айрықша жуўапкершилик те жүклейди.

Видеоконференцияда тараў нуранийлары менен жас судьялардың өз-ара пайдалы пикир алысыўлары болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги