Усы жыл 12-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен спорттың шахмат түри бойынша жарыс өткерилди.
«Мәмлекетлик салық басқармасы баслығының кубоги» спорт беллесиўлери шеңберинде өткерилген турнирде Нөкис қаласы ҳәм барлық районлық мәмлекетлик салық инспекцияларының хызметкерлери қатнасты.
Қызғын беллесиўлерге бай болған «ақыл гимнастикасы» жарысында Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының бөлим баслығы И.Оразбаев биринши орынды ийеледи. Оған жарыс шөлкемлестириўшилери тәрепинен «Мәмлекетлик салық басқармасы баслығының кубоги» тапсырылды.
Басқарма бас инспекторы У.Камалов екинши, Қараөзек районы Мәмлекетлик салық инспекциясының бас инспекторы Д.Абдухаликов үшинши орынды ийеледи.
Турнирдиң барлық жеңимпазлары диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Сондай-ақ, жарыста белсене қатнасқан 10 хызметкер алғыснама ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги