Бас прокуратура жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Нөкис районы бөлими, МҚХ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлери тәрепинен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында 8,5 миллион сумға  жер орын алып беремен деген пуқара усланды.

Нөкис қурылыс басқармасының бурынғы хызметкери Н.К. пуқара Р.Б.ның исенимине кирип, оған жоқары лаўазымда ислеўши таныслары арқалы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдеги «Yoshlar — kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында автосервис қурыў ушын жер орын ажыратып бериўди ўәде еткен. Усы жылдың 8-апрель күни саат 17.35 лер шамасында Нөкис қаласында пуқара Р.Б.дан талап етилген пулды алып атырғанда қолға алынды. Оннан химиялық жол менен қайта исленген 8,5 миллион сум пул айғақлы зат ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис районы бөлими тәрепинен пуқара Н.К. қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги