Елимизде қоршаған орталықты қорғаў, ана тәбиятымызды сақлаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Солардың қатарында, Қоңырат районында да бир қатар илажлар өткерилди.

Районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Ана тәбиятты қорғаў ҳәр биримиз ушын қарыз ҳәм парыз!» сүрени астында “EKO-PATRUL 2021” акциясы өткерилди.

Бул акцияда оқыўшы жаслар мектеп дөгерегине бир қанша мийўели нәллерди егип, тәбиятты қорғаўға бағышланған сүўретлери арқалы қатарлары арасында тәбиятты қорғаў бойынша үгит-нәсият илажларын әмелге асырды.

– Жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлими, Жаслар аўқамының районлық кеңеси, Қоңырат районлық тоғай хожалығы тәрепинен бир қатар белсенди жаслар менен биргеликте қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыў, экология машқаласына шешим табыў ҳәм әтирапты көклемзарластырыў мақсетинде арнаўлы акциялар шөлкемлестирилмекте,-дейди Жаслар аўқамы Қоңырат районлық Кеңесиниң баслығы Б.Саклапов.

Болып өткен илажларда, «Хорезм» АПЖ аймағындағы районлық тоғай хожалығына тийисли болған 10 гектар жерге 4000 дана мийўели нәл егилди ҳәм бул акцияға 30 дан аслам белсенди жаслар қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги