Өзбекстан ҳәм Қытай илимпазлары тәрепинен биргеликте ислеп шығарылған ZF-UZ-VAC2001 вакцинасы менен үш мәрте шаншылады. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.
Пуқаралар үш мәрте өзбек ҳәм қытайлы илимпазлар тәрепинен ислеп шығылған ZF-UZ-VAC2001 вакцинасын алғаннан соң толық шаншылады. Санитария-эпидемиология ҳәм денсаўлықты сақлаў хызмети баслығының орынбасары Ботир Қурбонов мәмлекеттеги шаншыў жағдайы ҳаққында ғалаба хабар қуралларына интервью берди.
Оның атап өтиўинше, Өзбекстанда 3-басқыш клиникалық сынаўлары табыслы өткен Қытайдың «Zhifei Longcom Biopharmaceutical Co. Ltd» компаниясы ҳәм өзбекстанлы қәнигелер тәрепинен ислеп шығылған ZF-UZ-VAC 2001 вакцинасын пуқаралар үш мәрте қабыл еткеннен соң, толық шаншылған деп есапланады. Ҳәм AstraZeneca вакцинасын еки мәрте алыў керек.
Пуқаралар қайсы вакцинаны алыўды өзлери таңлаўы мүмкин.
Ҳәзирги күнде Өзбекстанда ғалабалық шаншыўдың бир бөлеги сыпатында 1,66 миллион доза вакцинадан пайдаланылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги