Халық билимлендириў министрлиги системасында алдынғы ис- тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырған муғаллимлерди билимлендириў сапасы төмен болған улыўма орта билим бериў мәкемелерине тартқан ҳалда өз-ара методикалық жәрдем көрсетиў бойынша «Қарақалпақстан тәжирийбеси»н әмелге асырыў Тәртибин жолға қойыў режелестирилмекте.
-Бул тәртип бойынша қандай илажлар иске асырылады? Оның мақсети, мазмун-мәниси, нәтийжеси қандай? деген сораўларға жуўап алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы республикалық оқыў-методикалық орайы директорының орынбасары Айбек Дәўлетбаев пенен сәўбетлестик.
– Бул тәртиптиң мақсети – билимлендириў сапасы төмен болған улыўма орта билим бериў мәкемелериниң дизимин қәлиплестириў ҳәм оларға заманагөй педагогикалық технологиялар тийкарында методикалық жәрдем бериўден ибарат. Ис-тәжирийбеси республикамыз аймағында ғалаба ен жайдырылған муғаллимлер өзлери жасап атырған қала ҳәм районлардағы «қызыл категория»дағы мектеплерге пәнлер бойынша методикалық жәрдем көрсетиў ҳәм сабақлар өтиў ушын жибериледи. Бул Тәртип республикамызда 2020-2021-оқыў жылының 4-шерегинен баслап әмелге асырылып, бүгинги күнде «қызыл категория»ға кириўши 305 улыўма орта билим бериў мектебине 808 муғаллимди жибериў режелестирилмекте.
Әмелиятқа енгизилип атырған бул Тәртип тийкарынан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 25-марттағы Қарақалпақстан Республикасында тәлим-тәрбия системасын жетилистириў ҳәм илим тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша тастыйықланған «Жол картасы», сондай-ақ, «Алдынғы ис-тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў» тәртибине муўапық, тәлим-тәрбия ҳәм илим тараўларын буннан былай да раўажландырыў, үзликсиз билимлендириў системасының мазмунын сапа жағынан жаңалаў, билимлендириў системасында билимниң сапасын арттырыў, оқытыў методикасын жетилистириў, алдынғы ис-тәжирийбелерди үйрениў және билимлендириў системасында кеңнен ен жайдырыў ҳәм инновациялық жойбарларды әмелиятқа енгизиў тәртибин белгилейди.
«Алдынғы тәжирийбе» түсиниги – оқыў процесин қәлиплестириўге қаратылған жоқары нәтийжелер ҳәм заманагөй талапларға жуўап беретуғын жаңа және жетилистирилген жумыс методлары менен усыллары, түрлери, жаңалықлар, рационализаторлық басламаларын түсиндириў, сондай-ақ, билимлендириў мәкемелериндеги методикалық хызмет жумысын жаңа педагогикалық пикирлеў, оқытыўшылық кәсиби жумысының индивидуаллық методы, сондай-ақ, заманагөй педагогикалық технологиялар тийкарында оқыў процесиниң сапасын тәмийинлеў, сақлаў, «қызыл категория»ға кириўши мектеплердеги педагог кадрлардың тәжирийбесин үйрениў, өзиниң ис-тәжирийбесин дурыс шөлкемлестириў жолларын белгилеп бериў және оқыў қолланбаларды ислеп шығыўдан ибарат. Усы тәжирийбе арқалы муғаллимлердиң ғалаба ен жайдырылған тәжирийбелеринен әмелиятта мақсетли пайдаланыў жолға қойылады.
-Алдынғы ис-тәжирийбеси ғалаба ен жайдырылған муғаллимлердиң тәжирийбелери қалай анықланады ?
– Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги системасында пән муғаллимлериниң ис- тәжирийбелерин ен жайдырыўда министрлик жанындағы республикалық билимлендириў орайының илимий-методикалық кеңесинде тастыйықланған алдынғы ис-тәжирийбелер есапқа алынады. Орайдың арнаўлы сайтында электрон платформа шөлкемлестириледи ҳәм онда республикамыз көлеминде педагогикалық ис-тәжирийбелери ғалаба ен жайдырылған муғаллимлердиң жумыслары ҳаққындағы мағлыўматлар жаңаланып барылады.
– Алдынғы ис-тәжирийбеге ийе муғаллимлердиң методикалық жәрдем көрсетиў усыллары тийкарынан нелерден ибарат?
– Таяныш мектеплердеги жаңалықларды «қызыл категория»ға киретуғын мектеплерге жеткериў, билимлендириў ҳәм тәрбиялық жумыслардың түрли темаларында және мәселелеринде ашық сабақлар өтиў, илимий-методикалық ҳәм илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестириў, педагогикалық көргизбе, оқыў ҳәм тәрбиялық жумысларда әҳмийетли машқалалар бойынша пикирлесиўлер өткериў, педагогикалық экскурсиялар, семинарлар, мәсләҳәтлер, есабатлар өткериўди шөлкемлестириўден ибарат.
Ис-тәжирийбелери ғалаба ен жайдырылған муғаллимлер тийисли тәртипте материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатланып, оларды мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў бойынша усыныслар киргизиледи.
Сәўбетлескен: Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы